Жаслар тәрбиясындағы тийкарғы бағдарлар көрип шығылды

133

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен Нөкис қаласындағы Жаслар орайында “Жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар және нызамға ҳүрмет тийкарында тәрбиялаўдың әҳмийетли мәселелери” атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенаты ағзасы З.Бекатова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты О.Ниязовалар қатнасып, жас әўладты руўхый бәркамал, нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан екенин атап өтти.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, олардың санасында жоқары мәнаўияттың турақлы раўажланыўы жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Бүгинги күнде зыянлы мәлимлеме ағымлары, ҳәр қыйлы сыртқы тәсирлер ҳәм қәўип-қәтерлер күшейген шараятта жаслардың еркин пикирлеўи, дурыс қарар қабыл ете алыўы, турмыслық позициясын дурыс қәлиплестириўге жәрдемлесиў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға муўапық тәрбиялаў, олардың санасында жоқары мәнаўияттың турақлы раўажланыўы  жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Илаж даўамында жаслар арасында руўхый иммунитетти беккемлеў, оларға дурыс мәлимлеме жеткериў, ҳуқықый мәдениятты арттырыў мәселелери бойынша усыныс ҳәм басламалар тыңланды.

Ушырасыў жуўмағында жаслар арасында бундай үгит-нәсиятлаў жумыслары избе-из даўам еттирилиўи, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги