Газ тармақларының ҳәзирги жағдайы қандай?

“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалының қала ҳәм районлардағы газ тәмийнаты бөлимлери тәрепинен жәми 387 мың 693 хожалық тәбийғый ҳәм суйылтылған газ бенен тәмийинленген болып, соннан 289 мың 527 хожалық (74,6%) тәбийғый, 98 мың 166 хожалық (25,4%) суйылтылған газ бенен тәмийинленген. Буннан басқа, республикамыз бойынша жәми 6380 көтере тутыныўшылар бар. Олардың 133 ин санаат кәрханалары, 138 ин автомобиль газ толтырыў компрессорлық станциялары, 826 сын социаллық тараў объектлери ҳәм 5283 ин жеке тәртиптеги исбилерменлер қурайды.
– Республикамыз бойынша бүгинги күнде жәми 9847,7 километрлик ҳәрекеттеги газ тармақлары бар, – дейди “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы эксплуатация бөлиминиң баслығы Артықбай Жиемуратов. – Соннан, 605,6 километрлик бөлеги жоқары, 3739,1 километрлик бөлеги орта, 5503,0 километрлик бөлеги төмен басымлы газ тармақлары болып есапланады.
Газ тармақларының 885,4 километрлик бөлеги жер астында ҳәм 8962,3 километрлик бөлеги жер үстинде жайласқан. Соннан, пайдаланыў ушын тапсырылған тармақлардан мүддетлери бойынша 10 жылға шекемгиси 387,8, 10-20 жылға шекемгиси 1452,1, 20-30 жыл ҳәм оннан көп пайдаланыўда болған газ тармақлары 8007,8 километрди қурайды. Соның менен бирге, ҳәрекетте жәми 3568 ГБП бар. Соннан, 268 и жоқары, 3300 и орта басымлы. 138 ГБП да газ тармақлары жемирилиўиниң алдын алыў ушын электро-химиялық қорғаў үскенелери қолланылмақта.
Тәбийғый газ тутыныўшыларына республикамыздағы 53 газ бөлистириў станциялары арқалы тәбийғый газ жеткерип бериледи.
Соның ишинде, филиалға қараслы объектлердиң 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсиминде турақлы ислеўин тәмийинлеўде режелер ислеп шығылды ҳәм бүгинги күнде газ тармақларын реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары 101 процентке (68,5 км) орынланды.
Сондай-ақ, жоқары басымлы газ бөлистириў қурылмаларын толық оңлаў режеси де 100 процент орынланды.
Реже бойынша 3568 газ бөлистириў қурылмаларында техникалық тексериўлер өткерилди. Ал, газ тармақларының тығызлығын ҳаўа басымы жәрдеминде сынаў ҳәм тазалаў режеси 102 процентке орынланды. Жер асты газ тармақларының жағдайын арнаўлы әсбаплар жәрдеминде тексериў режеси 885,3 километр етип белгиленип, әмелде 904,1 километрлик бөлеги тексерилип, 102 процентке орынланды.
Буннан тысқары, газ тәмийнатын модернизациялаў бойынша 20481 хожалықта регуляторлар орнатылып, 2 басқышлы системаға өткерилди.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги