«Президент Олимпиадасы»нда дәслепки медаль қолға киргизилди

34

Кеше Ташкент қаласында «Президент Олимпиадасы» спорт жарысларының биринши күнинен орын алған беллесиўлер өз жуўмағына жетти.

Көркем гимнастика, еркин гүрес ҳәм аўыр атлетика бойынша өткерилген жарыслар жуўмағында, жеңимпазлар анықланған болса, бокс ҳәм суў спорты бойынша беллесиўлерде таңлап алыў басқышлары өткерилди.

Қызықлы өткен жарысларда республикамыздың жаслары да белсене қатнасып, аўыр атлетика бойынша өткерилген жарыста 49 кг салмақта қарақалпақстанлы Шахзада Нурыллаева гүмис медальды жеңип алыўға миясар болды.

Өз гезегинде, спортшымызды ҳәм оның тренери Өмирбай Мәўленовты қолға киргизген үлкен табысы менен қутлықлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы