Өзбекстан ҳәм Қытай: қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў беккемленеди

Өзбекстан Ишки ислер министрлиги делегациясы Қытайға әмелий сапары шеңберинде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў, заманагөй технологияларды әмелиятқа енгизиў ҳәм кадрлар таярлаў тараўында Қытайдың алдынғы тәжирийбесин үйрениў мақсетинде бир қатар ушырасыў ҳәм әмелий илажларда қатнасты.
Еки мәмлекет арасында қәўипсизлик тараўындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғын нәтийжели сөйлесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў әмелге асырылды.
Ишки ислер министри Азиз Тошпўлатов Қытай Халық Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик министри мырза Ван Сяохун менен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў даўамында Ишки ислер министрлиги ҳәм Жәмийетлик қәўипсизлик министрлиги арасындағы әмелий бирге ислесиўди беккемлеў, трансмиллий ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм кадрлар таярлаў сыяқлы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына байланыслы мәселелер додаланды.

Сапар бағдарламасына муўапық мәмлекетимиз делегациясы Қытай Жәмийетлик қәўипсизлик министрлигиниң Биринши изертлеў институтында болып, ол жерде қәўипсизлик тараўында енгизилип атырған илимий-әмелий қолланбалар, санлы технологиялар ҳәм мәлимлеме базаларын басқарыў системалары менен толық танысты.
Институт қәнигелери тәрепинен Өзбекстан делегациясына қолланылып атырған инновациялық программалық тәмийнат, интеллектуаллық видеоанализ, излеў ҳәм оператив-излеў жумысына байланыслы қолланбалар сыяқлы бағдарлардағы жетискенликлер ҳаққында презентация өткерилди.
ҚХР ЖҚМ Кибержынаятларға қарсы гүресиў басқармасына сапар етиў де әҳмийетли мәселелерден бири болды. Басқарма басшылары менен болып өткен ушырасыўда глобал дәрежеде өсип баратырған киберҳүжимлер, электрон алдаўшылық, жеке мағлыўматлар қәўипсизлиги ҳәм санлы экономиканы қорғаў мәселелери додаланды.
Қытай тәрепи өзлериниң кибер қәўиплерди ерте анықлаў платформалары, электрон төлемлер тараўындағы алдаўшылыққа қарсы технологиялар, интернет мониторинги ҳәм қәўип-қәтерлерди баҳалаў системасы сыяқлы алдынғы шешимлерин көрсетти. Өзбекстан делегациясының ўәкиллери бул әмелиятларды мәмлекетимиз киберқәўипсизлик системасын жетилистириўде қолланыў имканиятларын додалады.
Илаж даўамында делегация Пекин қаласы Жәмийетлик қәўипсизлик бюросының Ҳуқық қорғаў ҳәм тергеў ислери орайында болып, ол жерде жынаят ҳәдийселерин санлы модельлестириў, криминалистика экспертизаларының жаңа түрлери, ҳүжжетлер ҳәм аудио-видео дәлиллерди автоматластырылған тәризде таллаў сыяқлы заманагөй технологиялар менен жақыннан танысты.

Буннан тысқары, ҚХР Жәмийетлик қәўипсизлик университетине сапар әмелге асырылып, кадрлар таярлаўдың заманагөй модельлери, оқыў курслары, әмелий сабақларды шөлкемлестириў тәжирийбеси үйренилди.
Гуандун провинциясы Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиде делегацияға аймақлық қәўипсизликти тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипке болған қәўип-қәтерлерди мониторинг етиў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин жақсылаў ҳәм оператив орайларды басқарыў системалары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Шенчжен қаласында болса делегация заманагөй техникалық бағдарлардың бир қатар әҳмийетли объектлерин көзден өткерди.
Делегация 15-Пүткил Қытай спорт ойынларының жабылыў мәресиминде қатнасып, ғалабалық илажларда қәўипсизликти тәмийинлеўдиң ири көлемли модели менен танысты.
Сапар етиўдиң жуўмақлаўшы бөлиминде “Huawei” компаниясының “Songshan Lake” илимий-технологиялық кампусында интеллектуаллық қадағалаў ҳәм мониторинг платформалары, информациялық қәўипсизлик шешимлери, полиция системасы ушын санлы басқарыў платформалары, жәмийетлик қәўипсизлик тараўындағы жасалма интеллект технологияларының имканиятлары көрсетилди.
Бул сапар етиў еки мәмлекет арасында қәўипсизлик тараўындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў, әмелий тәжирийбе ҳәм алдынғы технологияларды мәмлекетимизде енгизиўде әмелий әҳмийетке ийе болды.
Н.Абдураимова, ӨзА