Арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди

Шоманай районындағы Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағында халықтың азық-аўқат өнимлеринен зәҳәрлениўи – ботулизм кеселлигиниң, айрықша жағдайлардың алдын алыў бағдарында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы шөлкемлестирилди.
Онда тийисли қәнигелер тәрепинен азық-аўқат өнимлеринен зәҳәрлениўдиң ең аўыр түри есапланған ботулизм кеселлиги анықланған орында усы кеселликтиң тарқалыўы менен байланыслы болған айрықша жағдайлардың алдын алыў, зәрүр санитариялық илажларды шөлкемлестириў бойынша тийисли уйымлардың өз-ара биргеликтеги ҳәрекетлери әмелиятта көрсетип берилди.
Оқыў-шынығыўын өткериўден тийкарғы мақсет – халықтың азық-аўқат өнимлеринен зәҳәрлениўи менен байланыслы келип шығыўы мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып есапланады.



Сондай-ақ, бундай қәўипли жағдайлардың алдын алыўда ҳәр бир пуқараның сергеклиги ҳәм жуўапкершилиги әҳмийетли. Азық-аўқат өнимлерин таңлаўда абайлы болыў, санитариялық қағыйдаларға әмел етиў ҳәм қәўетерли жағдайларда арнаўлы қәнигелерге мүрәжат етиў – өзимиз ҳәм жақынларымыздың денсаўлығын сақлаўдың ең дурыс жолы есапланады.
Мағлыўмат ушын, фотосүўретлердеги көринислер оқыў шынығыўы шеңберинде сахналастырылған болып, ондағы шахслар ҳақыйқый наўқаслар емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги