Қарақалпақстанда “Invintro” лабораториясы жумыс баслады

Тақыятас районында Қарақалпақстан Республикасында биринши болып мийўе нәллериниң жаңа сортларын селекциялаў ҳәм өсириўге қәнигелескен “Invintro” лабораториясы өз жумысын баслады.
Лабораторияның тийкарғы мақсети – вируслар, бактериялар ҳәм басқа да кеселликлерден жырақ, жоқары өнимдарлы ҳәм жергиликли климат шараятларына сәйкес мийўе нәл сортларын жаратыў және оларды кең жәмийетшиликке жеткериў болып есапланады. Илимий тийкарда алып барылатуғын селекция ҳәм клонал нәл өсириў технологиялары жәрдеминде халыққа ҳәм дийқанларға сапалы, саламат нәллерди таярлаў тәмийинленеди.



“Invintro” лабораториясы жергиликли бағшылықты раўажландырыў, мийўе өнимин көбейтиў ҳәм аграр тараўдың турақлылығын беккемлеўге хызмет етеди. Лаборатория арқалы алынған нәллер басқа районлардағы фермерлерге, қыйтақ жер ийелери менен жергиликли дийқан хожалықларына жеткерип бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги