Театр сахнасында жаңа спектаклдиң премьерасы

Америкалы жазыўшы Джордж Самюэль Клейсон қәлемине тийисли «Вавилонның ең бай адамы» китабы дүньяның көплеген тиллерине аўдармаланған шығармалардың бири болып, ол буннан дерлик жүз жыл бурын яғный, 1926-жылы АҚШта баспадан шыққан. Мине соннан берли, бул китап жер жүзиниң көплеген еллеринде басып шығарылып, китапқумарлар тәрепинен сүйип оқылмақта.
Айырым еллерде болса, бул шығарма режиссёрлар тәрепинен сахналастырылып, спектакль сыпатында тамашагөйлер нәзерине усынылды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти де тамашагөйлердиң усыныс ҳәм пикирлерин инабатқа алып, Джордж Самюэль Клейсон шығармасы тийкарында “Вавилонның ең бай адамы” драмасын сахналастырыўға еристи.
Жақында режиссёр ҳәм инсценировка авторы – М.Реймов тәрепинен сахналастырылған бул драманың премьерасы болып өтти.
Онда театр директоры П.Мамутов тамашагөйлерди жаңа спектакльдиң сахналастырыўы менен қутлықлап, дөретиўши жәмәәтке өзиниң миннетдаршылығын билдирди.
Спектакльде пул, байлық ҳәм инсанның оларға болған мүнәсибети образлы түрде сәўлелендирилген. Қаҳарманлар арқалы мийнет, пулды үнемлеў, ақыл менен жумсаў ҳәм байлықтың ҳақыйқый баҳасы ҳаққында пикир жүргизиледи. Пулдың инсан өмириндеги орны, соның менен бирге оның характер ҳәм қатнасықларға тәсири сахналық шешимлер арқалы көрсетилген.





Премьера жоқары дәрежеде өтип, тамашагөйлер тәрепинен жыллы күтип алынды.
Спектакльди мазмуны әпиўайы, түсиникли болып, тамашагөйлердиң кеўлинен орын алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы