Қарақалпақ философиялық мектебине тийкар салған устаз

Илим машақатларға толы. Бирақ, ол табыслар менен жуўмақланса мийўеси татлы ҳәм мақтанышлы жол. Бул жолдан оның мийнетине шыдаған адам ғана сүрникпей мәрдана өтип, мәнзилине жете алады. Әлбетте, биз бул жолда мийнети менен жүзеге шығып атырған көплеген илимпаз устазларды билемиз. Солардың бири Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор оқытыўшысы, философия илимлериниң докторы Алима Бердимуратова.
1965-жылы жыл. Нөкис. Физика илимлери бойынша белгили алым Қарлыбай Бердимуратов ҳәм оның зайыбы Зарухан Сметованың шаңарағында жети перзентиниң бесиншиси болып дүньяға келген Алима шаңарақтағы тәлим-тәрбияның нәтийжесинде билим алыўға қуштар, шаққан қыз болып өсти. Тәрбия мәселесинде қаттықол әке ҳәм пайтахтымыздағы 4-санлы мектепте математика пәни муғаллими болыўы менен бирге китапханашылық жумысты да қосып ислеген анасы перзентлериниң китапқа деген сүйиспеншилигин арттырып, оларды билим алыўға қуштар етип өсирди. Нәтийжеде шаңарақтағы перзентлериниң барлығы да жоқары оқыў орынларында билим алып, жәмийеттен өз орынларын тапты. Солар арасында Алима мектепте сабақларынан 5 баҳасында оқыйтуғын белсенди қыз болып, пән олимпиадаларына тарийх пәни бойынша қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисип барды. 10-класында Өзбекстан көлеминде тарийх пәни бойынша өткерилген пән олимпиадасында биринши орынды ийелеп, жоқары оқыў орынларына имтихансыз оқыўға қабылланыў имканиятына миясар болды. Бирақ, қайсар қыз Москвада оқыйман деген нийет пенен (шаңарақта төрт перзент Москвада билим алған) Москва мәмлекетлик университетиниң философия факультетине имтихан тапсырып оқыўға киреди.
Оқыў дәргайында сол ўақытта аўқамға белгили философ профессор- оқытыўшылардан билим алады ҳәм 1987-жыл табыслы питкерип шығады. Устазы Кудряшова Маргарита Стефановнаның илимий басшылық етиўи менен ол 1993-жылы 17-февральда Москва мәмлекетлик университети философия факультетиндеги кеңесте илимий жумысын табыслы жақлап, 27 жасында философия илимлериниң кандидаты илимий дәрежесине миясар болады.
Бердақ атандағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 1987-жылдан (1989-1993-жылларда Москва мәмлекетлик университети философия факультети аспиранты) баслап өзиниң педагогикалық жолын баслаған А.Бердимуратова мине 40 жылға шамалас ўақыттан берли студент жасларға тәлим-тәрбия берип келмекте. Ол илим жолында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий Кеңесиниң усынысына муўапық 2001-жыл 25-октябрьде Өзбекстан Республикасы Жоқары аттестация комиссиясы тәрепинен “Диалектика ҳәм билиў теориясы” қәнигелиги бойынша доцент илимий атағына тастыйықланған болса, профессор илимий атағы Өзбекстан Республикасы Жоқары аттестация комиссиясы тәрепинен 2018-жыл 30-октябрьде “Онтология, гносеология ҳәм логика” қәнигелиги бойынша тастыйықланады.
Докторлық диссертациясын 2000-жыл 26-февральда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Философия ҳәм ҳуқық институты жанындағы илим докторы илимий дәрежесин бериўши қәнигелестирилген кеңесте “Философско-методологические проблемы соврем. современной экологической ситуации (на материалах Приараля)” атамасында – Диалектика ҳәм билиў теориясы қәнигелиги бойынша табыслы қорғап шығып, 2001-жылдан баслап философия илимлериниң докторы илимий дәрежесине ийе болды.
Алима апа илимий-педагогикалық мийнет жолында 1993-1994-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Философия кафедрасының ассистенти, 1994-1995-жыллары Философия кафедрасы аға оқытыўшысы, 1995-1996-жыллары – Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Философия” кафедрасы доценти, 1996-2000-жыллары Өзбекстан Илимлер академиясы Философия ҳәм ҳуқық институты докторанты болған болса, 2000-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Философия ҳәм социология” кафедрасы доценти, 2000-2005-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Философия ҳәм социология” кафедрасы баслығы ҳәм 2005-жылдан ҳәзирги күнге шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Социаллық пәнлер” кафедрасы баслығы лаўазымын инабатлы атқарып келмекте.
А. Бердимуратова ҳәзирги күнде университет студентлерине “Философия,” “Илимий изертлеў методологиясы,” “Философияға кириў” ҳәм “Экологиялық қәўипсизлик философиясы” пәнлеринен сабақ береди. Соның менен бирге, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў аймақлық орайында Қарақалпақстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшыларына, академиялық лицей, қәнигелик колледжиниң оқытыўшыларына оқыў сабақларын өтип клемекте.
Профессор А.Бердимуратова “Жәмийет раўажланыўында илимпаз ҳаял-қызлардың тутқан орны” атамасында 2005-жылдан берли турақлы түрде шөлкемлестирилип киятырған илимий-әмелий конференциялардың шөлкемлестириўшилеринен бири сыпатында жас илимпазларға илимий темаларды таңлаў ҳәм илимий жумыс бойынша мәсләҳәтшиси ўазыйпасын атқарып келмекте.
Оның кафедра ҳәм университеттиң сырт ел ҳәм елимиздеги илимий орайлар менен бирге ислесиўдеги жумысларды шөлкемлестириўдеги мийнетлери үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Будапешттеги Орайлық Европа университети, Санкт-Петербургтағы Европа университети, Ташкент, Самарқанд ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетлериниң магистрантлары ушын ислеп шығылған “Илимий изертлеў жумыслары әмелияты” темасындағы халықаралық инновациялық-билимлендириў грантында жуўапкер атқарыўшы ҳәм усы арнаўлы курсты ҚМУ магистратурасында әмелиятқа енгизиўде жуўапкер басшы сыпатында қатнасқан.
Сондай-ақ ол Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2022-жыл 18-февраль күнги 16 Д/2 санлы буйрығы тийкарында, Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылған “”DECIDE – имканияты шекленгенлерге хызмет көрсетиў системасын жетилистириў” жойбарында жумысшы топар ағзасы сыпатында белсене қатнасып, өзиниң бай тәжирийбеси, илимий потенциалы ҳәм интакерлиги менен жойбар мақсет ҳәм ўазыйпаларының нәтийжели әмелге асырылыўына үлкен үлес қосқан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанында шөлкемлестирилген “Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық изертлеў орайы”ның директоры сыпатында да жумыс алып бармақта.
Илимпаздың 6 монография, 3 сабақлық, 1 сабақлықтың аўдармасы, 15 оқыў қолланба, 10 оқыў-методикалық қолланба ҳәм де 200 ден артық мақалалары басып шығарылған. Профессор тәрепинен жаратылған “Философия,” “Этика,” “Нафосатшылық,” “Логика,” “Илим методологиясы,” “Философия ҳәм ҳәзирги заман әҳмийетли машқалалары,” «Экологиялық қәўипсизлик философиясы», «Мәлимлеме ҳәм психологиялық қәўипсизлик философиясы» және “Мәлимлеме қәўипсизлиги философиясы” пәнлеринен сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар қарақалпақ тилинде биринши болып басып шығарылған.
Оның басламасы менен Қарақалпақстан тарийхында биринши мәрте Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде қарақалпақ тилинде бакалавр басқышында философия қәнигелиги ашылды. Биринши болып Қарақалпақ философиялық мектебине тийкар салды. 2018-2019-оқыў жылында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 5А5120501 “Философия” (билимлендириў тараўлары бойынша) магистратура басқышы ҳәм онтология, гносеология ҳәм логика қәнигелиги бойынша таяныш докторантура ашылған. Сондай-ақ, 2019-2022-оқыў жылында “Социология” бакалавриат тәлим бағдарының ашылыўында өзиниң пидайылығын көрсеткен. Социология ҳәм усы тараўда илимий дәрежеге ийе болған кадрларды таярлаўда үлкен үлес қосып келмекте.
Оның шәкиртлеринен 1 DSС докторлық жумысы, 6 PhD жумысы қорғалған болса, 10 шәкирти илимий мийнетлерин қорғаў алдында тур. Соңғы 5 жыл ишинде 30 докторлық ҳәм де PhD диссертация жумысларына рәсмий оппонент сыпатында қатнасқан. Сондай-ақ, таярлаған 4 студенти Наўайы, 3 студенти Президент ҳәм 5 студенти Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендияларының жеңимпазлары болған.
Өзбекстан-Финляндия педагогикалық институты жанындағы илимий дәрежелер бериўши ДСц.03/13.06.2025.Ф.178.02 санлы Илимий Кеңесте ҳәмде Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан миллий университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши ДСц.03/30.12.2019.Ф.01.05 санлы Илимий Кеңестиң ағзасы ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы илимий дәрежелер бериўши ДСц.03/30.12.2019.Пед.34.01 санлы илимий кеңеси семинар баслығы.
Профессор А.Бердимуратова Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илимий хызметкер излениўши, таяныш докторантлар ҳәм өз бетинше излениўши студентлер ушын “Заманагөй философияның онтологиялық машқалалары,” “Илим философиясы. Техника философиясы” ҳәм “Философия тарийхы” пәнлери бойынша қосымша қәнигелик имтиханларының қабыллаў комиссиясының баслығы.
Профессор А.Бердимуратова халықаралық ҳәм республика шеңберинде әмелге асырылып атырған 30 дан аслам илимий-изертлеў жойбарлары шеңберинде илимий излениўлер алып бармақта. Атап айтқанда, “Глобаллық қәўипсизлик системасында Өзбекстан Республикасы экологиялық қәўипсизлиги қәлиплесиўиниң философиялық-методологиялық тәреплери” фундаменталлық изертлеў жойбары ҳәм “Жәмийеттиң инновациялық раўажланыў басқышында жаслардың идеологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў” мәмлекетлик жойбарының басшысы сыпатында илимий-изертлеў жумысларын алып барған.
Сондай-ақ, ол 20 дан аслам республикалық ҳәм халықаралық илимий-методологиялық журналлар, атап айтқанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Ахборонома» сы, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының “Илим ҳәм жәмийет” журналы, “Тамаддун нуры” журналы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының “Көркем өнер ҳәм мәденият хабаршысы” сыяқлы редакциялық коллегияларының ағзасы есапланады.
Сондай-ақ, профессор А.Бердимуратованың басшылығында ҳәм қатнасыўында республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги 10 нан аслам илимий-теориялық әнжуманлар өткерилген.
Устаздың илим ҳәм жасларға тәлим-тәрбия бериўдеги мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, 2003-жыл “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери” ҳүрметли атағы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ол Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен 2022-жылы “Дўстлик” ордени, 2023-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң буйрығы менен “Өзбекстан жоқары билимлендириў ағласы” ҳәм “Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы” көкирек нышанлары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, философия илимлериниң раўажланыўына қосқан үлеси, философиялық билимлерди халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм халқымызда философиялық мәдениятты қәлиплестириў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын “Өзбекстан Философия жәмийетиниң Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды. Сондай-ақ, көплеген халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги сертификат, алғыснама ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланған.
– Устаз өзиниң илимий мийнетлери, пидайылығы ҳәм адамгершилик пазыйлетлери менен жәмийетимиз илим тараўында мүнәсип орын ийелеп келмекте. Ол тек ғана илимий мектеп жаратқан емес, ал философия, педагогика, сиясаттаныў, тарийх ҳәм ҳуқықтаныў тараўларында терең билимге ийе, кең дүньяқарасқа ийе шәкиртлер таярлап, мәмлекетимиздиң илимий потенциалын арттырыўға үлкен үлес қосып киятыр. Оның шәкиртлери бүгин республика көлеминде жумыс алып барып атырған жетик илимпазлар, изертлеўшилер, оқытыўшылар ҳәм әмелиятшы қәнигелер қатарында мүнәсип орын ийелеп тур. Устаздың талапшаңлығы, билими, керек жеринде қаттықоллығы ҳәр бир шәкирти ушын ибрат мектеби,- дейди оның шәкиртлериниң бири философия илимлериниң докторы (PhD), доцент Жақсылық Бийимбетов.
Профессор Бердимуратова өз шәкиртлерине тек ғана илимий билим емес, ал жақсылық, ҳадаллық, әдиллик ҳәм жуўапкершилик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятларды сиңдирген устаз сыпатында тән алынады. Бүгин көплеген шәкиртлериниң илимий атақ алыўы, диссертацияларын табыслы қорғаўы ҳәм билимлендириў системасында белсене хызмет етиўи бул профессор Алима Бердимуратованың мийнет сүйгишлиги ҳәм устазлық пидайылығының айқын дәлили болып есапланады. Әлбетте 60 жасын усындай үлкен табыслар менен қарсы алып атырған устаздың жәмийетке, илимге, жасларды тәрбиялаўға қосқан үлеси оның өмириндеги үлкен жеңиси, мақтанышы, қарақалпақ ҳаял-қызларына тән болған мәртлик ҳәм мәрдана жолы.
– Туўры жасаўға, илим алыўға бағдарлап, тәрбия менен қоса тәлимди де берген ата-анама бәрқулла миннетдарман. Әлбетте, устазларым ушын да айтар рахметлерим көп. «Инсан өмирде ағла мақсетлерди қойып, оған жетисиў ушын ҳадал мийнет етсе әлбетте жетиседи» деген әкемниң нәсияты мениң өмир жолымда азық болды. Бул гәпти мен шәкиртлериме де айтып келмектемен. Ҳәр бир шәкиртимниң, студентлеримниң елимизде жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, елемизге ҳадал хызмет ететуғын, жәмийетке керекли инсанлар болып жетилисиўине тилеклеспен,- дейди ол.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 40 жылға шамалас ўақыттан берли сутдент жасларға билим берип киятырған профессор А.Бердимуратова тек билим бериўши емес, ал руўхый күш, илҳам ҳәм жақсылыққа шақырыўшы устаз. Оның илимий мийрасы бүгин шәкиртлери ушын жол көрсетиўши жол, ал келешекте болса жас илимпазлар ушын өмир азығы болып хызмет етери сөзсиз.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги