Жасалма интеллект: кадрлар потенциалын арттырыў жолындағы излениўлер

70

Бизге белгили, ҳәзирги күнде дәўир менен тең қәдем таслаўда заманагөй технологияларды әмелиятқа енгизиў ең әҳмийетли мәселе есапланады. Мәмлекетимиз басшысы турмыстың түрли тараўларында жасалма интеллектти қолланыў кеңейип атырғаны, жасалма интеллектке таярлық халықаралық индексинде Өзбекстан 17 текшеге көтерилгенин айрықша атап өтти.

Бул бағдарға итибардың даўамы сыпатында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-октябрьдеги қарары менен Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди. Онда жасалма интеллектке тийкарланған бағдарламалық өнимлер ҳәм хызметлердиң үлесин көбейтиў, техникалық инфраструктураны кеңейтиў, кадрлар потенциалын арттырыў сыяқлы бир қатар илажлар белгиленди.  Усы тапсырмалардан келип шығып, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында “Педагоглардың қәнигелигин арттырыў системасында жасалма интеллект: психологиялық-педагогикалық тәреплери, билимлендириўди санластырыў шараятында педагоглардың қәнигелигин арттырыў системасын модернизациялаў” атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.

– Жасалма интеллект системалары бүгинги күнде инсаният турмысының барлық тараўларына кирип барып атырғаны сыр емес, – дейди Аймақлық орай бөлим баслығы Абат Бекманов. – Жасалма интеллект системалары экономика, медицина, инженерлик ҳәм басқа да көплеген тараўларда қолланылып келинбекте. Бунда жасалма интеллект өз алдына илимий изертлеў тараўы сыпатында илимпазлар тәрепинен үйрениўлер алып барылмақта ҳәм ҳәттеки 2024-жылдың жуўмақлары бойынша Нобель сыйлығына миясар болған илимпазлар да өзиниң илимий жумысларында жасалма интеллект системаларынан пайдаланғанына гүўа боламыз.

Илажда Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында санластырыў процеси ҳаққында мағлыўмат берилди. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги