Енди ҳәр жылы мыңға шамалас жаслар ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының тийисли пәрманына бола, 2026-жылдан баслап “Жаслар дәптери” арқалы жәрдем алыў процесслери пүткиллей жаңаланады.
Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Садуллаевтың атап өтиўинше, бул жаңа система жаслардың имканиятын кеңейтиў ҳәм оларды белсенди турмысқа тартыўға хызмет етеди.

– Жаслар ушын ең әҳмийетли бағдарламалардан бири болған “Жаслар дәптери” енди пүткиллей жаңа басқышқа шықты,- деди А.Садуллаев. – Президентимиздиң жаңа пәрманы жаслардың турмысына үлкен өзгерис алып келеди. Буннан былай “Жаслар дәптери” системасы имканиятларынан пайдаланыўды қәлеген жаслар, алдыннан қойылған талапларды орынлаўы шәрт болады. Бул талаплардың барлығы жеке раўажланыўға қаратылған. Яғный жасларымыз енди “Жаслар дәптери” имканиятларынан пайдаланбақшы болса, алдыннан белгилеп қойылған талапларды орынлаўы керек болады. Соның ишинде, “Mutolaa” қосымшасында китап оқыўы, Ибрат фарзандлари бағдарламасы арқалы тил үйрениўи, оқыў процесинде волонтёрлық жумысында қатнасыўы ҳәм 5 баслама олимпиадаларында белсене қатнасып, нәтийже көрсетиўи талап етиледи.
Президент пәрманына бола, 2026-жыл 1-февральдан баслап, “Жаслар дәптери” қорларынан жәрдем алатуғын жаслар менен социаллық бирге ислесиў системасы жолға қойылады. Бунда жәрдем ажыратыў ўақтында мәҳәлледеги жаслар жетекшиси ҳәм жәрдем алыўшы жас арасында социаллық шәртнама дүзиледи.
Социаллық шәртнамада билимлендириўди үзликсиз даўам еттириў ҳәм жоқары дәрежеде өзлестириў, шет тиллерин үйрениў, китап оқыў, волонтёрлық ҳәм өз үстинде ислеў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған шәртлер белгиленеди.
Социаллық шәртнама шәртлерин турақлы түрде кеминде алты ай даўамында жоқары дәрежеде орынлаған жасларға социаллық жәрдем сорап мүрәжат еткен ўақытына қарамастан, оған жеңиллетилген түрде гезексиз социаллық жәрдем көрсетиледи.
Ең жақсы 1 000 жас ҳәр жылы бир мәрте Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорына ажыратылған қаржылар шеңберинде базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.
Сондай-ақ, жаслардың интакерлиги ҳәм белсендилигин хошаметлеўге қаратылған сыйлықларға усыныс етиледи.
ӨзА