Машина “пробеги” өзгертилгени ҳаққында қарыйдарға айтылмаса, жуўапкершилик белгиленеди

56

Транспорт қуралларының алды-сатты базары жылдан-жылға өсип, раўажланып бармақта. Мағлыўматларға бола, 2022-жылы бирлемши базарда 312 мың жеңил автотранспорт сатылған болса, екилемши базарда бул 1,1 миллионнан артқан.  

Бирақ автотранспорт базарындағы алдаўшылықлар, көз бояўшылық көплеген пуқаралардың алданыўына себеп болмақта. Атап айтқанда, автомобильлерди қымбат сатыў мақсетинде одометр көрсеткиши – “пробег”ин қәлбекилестириў жағдайларының көп бақланып атырғаны баҳаның жасалма түрде арттырылыўына ҳәм тутыныўшының ҳуқықларының бузылыўына алып келмекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде көрип шығылған “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары мине усы мәселеге байланыслы.

Бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине бир қатар қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, автотранспорт қуралының басып өткен аралығын көрсететуғын одометр үскенесиниң көрсеткишлери өзгертилгени ямаса одометр үскенеси алмастырылғаны ҳаққында автотранспорт қуралын реализациялаўдан алдын қарыйдарды хабардар етпегенлик ушын жуўапкершилик илажлары белгиленбекте. Соның ишинде, буның ушын жуўапкер базалық есаплаў муғдарының 15 есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартылыўы усыныс етилмекте.

Додалаўларда депутатлар нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалардың бүгинги күндеги әҳмийетин атап өтип, өз пикир-усынысларын  берди.

ӨзА