Видеоселекторда белгиленген ўазыйпалар ХДП бағдарламалық мақсетлерине үнлес

59

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан ХДП фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары ҳәм парламентлик қадағалаўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисте дәслеп Президенттиң басшылығында болып өткен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтилди. Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, бул процессте Халық демократиялық партиясы депутатлық корпусының белсене қатнасыўына ерисиў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, мүтәж халық ўәкиллериниң мәплерин қорғаў бағдарында бир қатар нәтийжелерге ерисилмекте. Бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў халықтың абаданлығын буннан былай да арттырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар партияның бағдарламалық мақсетлерине үнлес болып, олардың әмелге асырылыўы партия электоратының мәплерин қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Соның ушын кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпалардың орынланыўында жәмийетлик ҳәм депутатлық қадағалаўды күшейтиў және реал нәтийжелер ушын қатаң ҳәм әмелий ҳәрекет етиў зәрүр екенлиги айтылды.

Додалаўларда фракция ағзалары бул бағдарда бир қатар пикир -усынысларды билдирди. Соның ишинде, депутат Шарофиддин Назаров жумыс орынлары ашылғаны ҳаққындағы мағлыўматлардың ҳақыйқатлығы мәселесинде аймақларда депутатлық қадағалаўды күшейтиў, әсиресе, бул бағдарда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги партия топарлары менен турақлы бирге ислесиў зәрүрлигин атап өтти.

Соның менен бирге, жуўапкер уйымлар ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттың кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бағдарындағы жуўапкершилигин күшейтиў, партия системасында орынларда алып барылып атырған үйрениў процесслеринде усы мәселеге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги де айтып өтилди.

Буннан соң мәжилисте Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети баслығы К.Сариевтиң “Елимизде улыўма миллий татыўлықты тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәлимлемесин тыңлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

                                                                                                                                                                                                      ӨзА