Илимий-изертлеў бағдарларына ажыратылып атырған квоталар көлеми кеңеймекте

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасын жетилистириў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленбекте.
Кейинги жыллары бул тараўда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2017-жылдағы 504 қабыллаў квотасына салыстырғанда жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў ушын ажыратылатуғын квоталар 10 есеге арттырылып, 2025-жыл ушын 5 250 ҳәм 2026-жыл ушын 5 300 етип тастыйықланды.
Инновациялық раўажланыў агентлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Муқаддас Фаёзованың мәлим етиўинше, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасында квоталардың кеңейтилиўи мәмлекетимиз ушын стратегиялық әҳмийетке ийе илимий тараўларды раўажландырыўға хызмет етпекте.
– 2026-жыл ушын ажыратылған 5 300 квотаның 60 процентин заманагөй технологиялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм биоинновациялар, энергетика, аўыл хожалығы және суў ресурслары ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы тийкарғы бағдарларға бағдарлаў жас илимпазлар ушын мәнзилли имканиятларды кеңейтпекте. Бул илимий потенциалды арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Соның менен бирге, илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлеринде жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының қамтып алыўы да сезилерли дәрежеде кеңейди. Егер 2017-жылы бундай институтлар 100 шөлкемде жумыс алып барған болса, 2025-жылы олардың саны 249 ға жетти. Бул болса 2,3 есе өсиўди аңлатады. Излениўшилердиң саны да турақлы артып бармақта, – деди М.Фаёзова.
2025-жылдың төртинши шерегиниң жағдайына бола, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасында жәми 34 149 излениўши билим алмақта. Соннан 11 877 и докторантурада (DSc – 722, PhD -11 155), 21 919 ы өз бетинше излениўшилерде (DSc – 3 546, PhD -18 373), 353 и стажёр-изертлеўши сыпатында илимий жумыс алып бармақта.
Әмелге асырылып атырған реформалар жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасын “Өзбекстан-2030” стратегиясында белгиленген мақсетлер менен толық үйлестирип, мәмлекетте жаңа әўлад илимий кадрларын таярлаў процесин және де жеделлестирмекте.
ӨзА