Самарқандта “CITES CoP20” илажлары басланды

Өзбекстан жойтылып баратырған жабайы фауна ҳәм флора түрлери менен халықаралық саўданы тәртипке салыў ҳаққындағы конвенция (CITES) тәреплер конференциясының 20-сессиясына (CITES CoP20) рәсмий түрде басшылық етпекте.
Бүгин илажлар өткерилетуғын Самарқанд халықаралық туризм орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов ҳәм CITES Бас хаткери Ивонн Игуйеро ханымның қатнасыўында БМШ ҳәм Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрақлары көтерилди.

Күнниң екинши ярымында халықаралық форум шеңбериндеги биринши сессия “CITES CoP20″ конференциясының стратегиялық тәсирин арттырыў. Сиясаттан әмелиятқа: жабайы ҳайўанлар менен байланыслы тәртипке салынатуғын саўда тараўында мониторинг, қаржыландырыў ҳәм әмелий илажлар” атамасында өткерилди.

Самарқандта бул конференцияның өткерилиўи халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып, мәмлекеттиң жабайы тәбиятты сақлаў ҳәм турақлы тәбийғый ресурслардан пайдаланыў бағдарындағы қатаң позициясын тастыйықлайтуғыны атап өтилди.
Өзбекстан 1997-жылдан баслап CITES Конвенциясының қатнасыўшысы ҳәм усы Конвенция Қосымшаларына киргизилген бир қатар түрлердиң ўатаны есапланады. Оларға қар қапланы, сайғақ ҳәм сийрек ушырасатуғын дәрилик өсимликлер киреди. Самарқандта (CITES CoP20) кең көлемли додалаў майданына айланып, жабайы түрлер менен халықаралық саўда турақлылығы, нызамлылығы ҳәм мониторинг системаларының ислеп шығылыўы, әсиресе, CITES I ҳәм II қосымшаларына киретуғын түрлер бойынша бақлаў механизмлерин жетилистириў мәселелери додаланады.

CITES Секретариаты, БМШ Раўажланыў бағдарламасы (UNDP) ҳәм халықаралық шериклер менен биргеликте Өзбекстан CoP20 нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар арнаўлы илажларды баслап берди. Олардан ең әҳмийетлилеринен бири – биокөптүрлиликти қорғаў бойынша инновациялық финанслық шешимлерди алға қойыўға қаратылған жоқары дәрежедеги сөйлесиў болып есапланады.
Илажды Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, CITES Бас хаткери Ивонн Игуйеро ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фужии ашып берди.
Панел сессиясы шеңберинде “Региондағы биокөптүрлиликти қорғаў бойынша инновациялық шешимлер” атамасында Орайлық Азия министрлериниң қатнасыўында сөйлесиў өткерилди. Онда Қазақстан экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри Ерлан Нысанбаев, Қырғыз Республикасы тәбийғый ресурслар, экология ҳәм техникалық қадағалаў министриниң орынбасары Алмаз Мусаев, Тәжикстан ҳүкимети жанындағы қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Баҳодур Шерализода ҳәм Түркменстан қоршаған орталықты қорғаў министри Чарйгелди Бабаниязов өз баянатлары менен қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген Азиз Абдуҳакимов жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасы дүньядағы ең ири жынаятлардан бири екенин, нәшебентлик зат, қурал-жарақ ҳәм адам саўдасынан кейин төртинши орында туратуғынын атап өтти.
– Жақында жәрияланған 2024-жылғы есабатқа бола, 162 мәмлекетте жабайы ҳайўанлар менен нызамсыз саўда жағдайлары анықланған ҳәм бул 4000 түрдеги өсимлик ҳәм ҳайўанларға тәсир еткен, олардан 3250 си CITES дизимине киргизилген. Ҳүкиметлер тәрепинен 13 миллионнан аслам товар конфискация етилген, – деди Азиз Абдуҳакимов. – Бул жағдайды сапластырыў ушын төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Биринши гезекте жабайы тәбият бағлары, тәрбиялаў орайлары ҳәм жергиликли өсимликлер ушын жеке меншик сектор инвестицияларын хошаметлеў, биокөптүрлиликти сақлаў ҳәм жергиликли жәмийетшиликлер ушын пайда келтиретуғын тәбиятқа тийкарланған туризм басламаларын қоллап-қуўатлаў зәрүр. Сондай-ақ, қоршаған орталық бойынша инженерлер, бажыхана хызметкерлери, ветеринария ҳәм карантинди қадағалаў хызмети ушын регионаллық оқыў бағдарламаларына инвестициялар киргизиў де мақсетке муўапық. Жақында шөлкемлестирилген Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) қоршаған орталық бойынша бундай тренинглер ушын басшылық етиўге таяр.
Жәҳән тенденциялары бар финанслық ағымлардың жетерли емеслигин көрсетпекте.
Олар жылына шама менен 143 миллиард долларды қурайды, соннан 80-85 проценти мәмлекетлик секторға туўра келеди.
CITES CoP20 шеңберинде төмендеги алдыңғы механизмлерге айрықша итибар қаратылады:
– тәбиятты қорғаў облигациялары;
– “тәбият орнына қарыз” бағдарламалары;
– экосистема хызметлери ушын төлемлер, соның ишинде, “жабайы тәбиятты қорғаў кредитлери”;
– популяциялар мониторинги ҳәм жабайы түрлерге түсетуғын басымды кемейтиў механизмлери;
– жасалма көбейтиў ҳәм өсимликлерди турақлы жетистириў системалары.
Көп тәреплеме ҳәм көп секторлы қатнас – ҳүкиметлерден баслап бизнес, пуқаралық жәмийети ҳәм жергиликли жәмийетшиликлерге шекем – тәбиятты қорғаў бойынша финанслық айырмашылықты қысқартыўдың гилти болып есапланады.
Делегация басшылары ушын өткерилетуғын жоқары дәрежедеги илаж регион мәмлекетлериниң тәбиятты қорғаўды қаржыландырыў бойынша инновациялық шешимлери ҳәм әмелий тәжирийбелерин көрсетеди. Қатнасыўшылар ишки ҳәм халықаралық ресурсларды, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик инвестицияларды бирлестиретуғын интеграцияласқан көзқарасларды додалайды.
Ғ.Ҳасанов,
А.Исроилов (сүўрет),
ӨзА