Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы ўазыйпалардың орынланыўында депутатлық қадағалаўды орнатыў зәрүр

Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда дәслеп усы жылдың 19-ноябрь күни мәмлекет басшысының басшылығында өткен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселекторда көтерилген мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Фракция басшысының орынбасары Айбек Раҳимов, депутат Наўрыз Юсупов ҳәм басқалар бул мәжилисте алға қойылған басламалар, белгилеп берилген ўазыйпаларды тән алып, олардың мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы, халықтың абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийетине тоқтап өтти.
– Видеоселектор мәжилисинде усы жылдың басынан берли жумыссызлық 4,9 процентке түскени, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланғаны айрықша атап өтилди, – деди Н.Юсупов. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы алдағы ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти. Соның ишинде, туризм потенциалы жоқары 150 мәҳәллениң инфраструктурасы жақсыланса, бул жерлерде хызметлер көлемин 10 триллион сумға жеткериў, 45 мың адамды саўда ҳәм сервисте бәнт етиў мүмкин екенлиги айтылды. Усы мақсетте келеси жылы 150 мәҳәллениң ҳәр бирине инфраструктура ушын 3-5 миллиард сумнан берилетуғыны мәлим етилди.
Буннан тысқары, халықтың бәнтлигине хызмет ететуғын қурылыс, туризм, хызметлер тараўы, аўыл хожалығы ҳәм санаат бағдарларында жаңа имканиятларды ашыў, усы бағдарларда жумыс орынларын жаратыў мәселелерине итибар қаратылды. Бул мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалар халықты жумыс пенен бәнт етиў ҳәм дәраматқа ийе болыўына хызмет етеди, – деди депутат.
Додалаўларда атап өтилгениндей, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине бағышланған бул мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен депутатлық қадағалаўды орнатыў зәрүр. Бул бағдарда Экофракцияның тийисли илажлар режеси ислеп шығылғаны атап өтилди.
Буннан соң фракция мәжилисиниң күн тәртибиндеги нызам жойбарлары қызғын додаланды.
ӨзА