Өзбекстан ҳәм Қытай Сыртқы ислер министрликлери арасында бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды

63

Өзбекстан ҳәм Қытай арасында Стратегиялық сөйлесиў ушырасыўының протоколы ҳәм кең көлемли бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды. Бул ҳаққында мәмлекетимиз сыртқы сиясат уйымының басшысы Бахтиёр Саидов социаллық тармақтағы бетинде мәлим етти.

Атап өтилиўинше, кең көлемли сөйлесиў жедел раўажланып атырған еки тәреплеме күн тәртибин толық қамтып алған: сиясий, экономикалық шериклик, соның ишинде, транспорт ҳәм инфраструктура байланыслары, мәдений алмасыў, халықларымыз арасындағы дослық байланысларына шекем.

Сондай-ақ, тәреплер ҳәр қандай шараятта стратегиялық шерикликти және де беккемлеў бойынша қосымша илажларды да додалаған.

– Регионаллық ҳәм глобаллық көлемде тынышлық, турақлылық ҳәм улыўмалық раўажланыўды тәмийинлеўге садықлықты және бир мәрте тастыйықлап, тийкарғы халықаралық машқалаларға айрықша итибар қараттық, – деп жазған Саидов.

– Бүгинги ушырасыў жуўмағы бойынша Стратегиялық қарым-қатнас ушырасыўының протоколы ҳәм Өзбекстан ҳәм Қытай сыртқы ислер министрликлери арасында кең көлемли бирге ислесиў бағдарламасы – биргеликтеги келешектеги ҳәрекетлеримизге бағдар беретуғын ҳәм қоллап-қуўатлайтуғын әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойдық.

 

Г.Сатторова, ӨзА