«Ҳудудгаз Қарақалпақстан»: тәбийғый газден дурыс пайдаланыўымыз керек

Бәршемизге мәлим, суўық күнлер кирип келиўи менен пуқаралардың жыллылыққа болған талабы артып, усындай ўақытлары ысытыў тармақларының жылытыў мәўсимине сазлығы және бир мәрте көзден өткерилиўи зәрүр саналады.
«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы хызметкерлери тәрепинен жылытыў мәўсими алдынан халық арасында тәбийғый газден дурыс пайдаланыў, газдиң зәҳәрли ийисинен зыянланыўдың алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары турақлы түрде әмелге асырылып келинбекте. Олар республикамыздың барлық аймақларында халық пенен ушырасып, жоқары оқыў орынлары, мәкемелер менен кәрханаларда, адам көп жыйналатуғын орынларда үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

Онда тийкарынан, ысытыў қазанханалары ҳәм оның морыларының сазлығына, оларды түрли буйым ҳәм басқа да затлар менен бекитпеўге, сондай-ақ арнаўлы моры тазалаўшы шөлкемлер тәрепинен өз ўақтында тазалатыўға итибар қаратып, тәбийғый газден дурыс пайдаланыў газдиң зәҳәрли ийисинен зыянланыўдың алдын алыў ушын әпиўайы қағыйдаларға әмел етиў талап етилмекте.
– Сондай-ақ, қолдан жасалған ҳәм насаз газ үскенелеринен пайдаланбаўды, түнги ўақытлары катёль, печьлерди қадағалаўсыз қалдырмаўды, асханада орнатылған тәбийғый газ бенен ислеўши газ плиталарынан ханыны ысытыў ушын пайдаланбаўды, газ үскенелерин орнатыў тәртип қағыйдаларына әмел етиўди ҳәм оларға резина шлангалар арқалы жалғаўға жол қоймай, хананы жылытыўда ашық оттан пайдаланбаўды усыныс етилмекте. Газдиң зәҳәрли ийисинен зыянланыў ҳәм келип шығыўы мүмкин болған өртлерден зыян көриў себеплерин анық мысаллар менен түсиндирмекте, – дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Әжинияз Аманбаев.
Бул бағдардағы үгит-нәсият илажлары орынларда даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги