2026-жылғы Мәмлекетлик бюджет жойбары төменги палатаға киргизилди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети тәрепинен “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис өткерилди.
Онда халық ўәкиллери нызам жойбарының Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Регламентине ҳәм Бюджет кодексиниң талапларына муўапық киргизилгенине айрықша итибар қаратты.
Атап өтилгениндей, жойбарда Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджети, соның ишинде, Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары, Өзбекстан Республикасының Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының параметрлери, сондай-ақ, Мәмлекетлик қарыздың ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының және консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген көлемлери белгиленген.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы консолидацияласқан бюджетиниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери және узақ мүддетли фискал мақсетлер ҳәм оларға ерисиў ушын салық ҳәм бюджет сиясатының орта мүддетли көрсеткишлери бойынша депутатлар өз пикир-усынысларын билдирди.
Жойбарда нәзерде тутылған салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары жәмийеттиң раўажланыўына, исбилерменлик субъектлериниң және де артыўына хызмет етеди.
Жойбар концепциясын додалаў даўам етпекте.
М.Комилова, ӨзА