Үш мәмлекет министрлери суў ҳәм энергия ресурсларын муўапықластырыў бойынша келисимге еристи

68

Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Алматы қаласында Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстанның энергетика ҳәм суў хожалығы тараўлары басшыларының қатнасыўында үш тәреплеме ушырасыў болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов, суў хожалығы министри Шавкат Ҳамроев, Қазақстан Республикасы Энергетика министри Ерлан Аккенженов, суў ресурслары ҳәм ирригация министри Нуржан Нуржигитов ҳәм Қырғызстан Республикасы Энергетика министри Таалайбек Ибрайев, сондай-ақ, мәмлекеттиң суў ресурслары, аўыл хожалығы ҳәм қайта ислеў санааты министриниң орынбасары Алмаз Жееналиев қатнасты.

Сөйлесиўлер ўақтында регионның суў-энергетика системасының турақлылығы, мәўсимлик жүклемелерди муўапықластырыў ҳәм өз-ара жәрдем механизмлерин буннан былай да жетилистириў мәселелери кеңнен додаланды. Соның ишинде, Тоқтағул суў сақлағышындағы қыйын жағдайды есапқа алған ҳалда, ушырасыў қатнасыўшылары өз-ара электр энергиясын жеткерип бериў арқалы бир-бирин қоллап-қуўатлаў, ысытыў мәўсимин табыслы өткериў ҳәм келеси вегетация мәўсимине таярлық көриў ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыўға келисип алды.

Қазақстан ҳәм Өзбекстанның гүзги-қысқы мәўсимде Қырғызстанға электр энергиясын жеткерип бериўге таяр екенлиги және бир мәрте тастыйықланды. Бул, өз гезегинде, Қырғызстанға қыс даўамында электр энергиясын ислеп шығарыў көлемин қысқартыў имканиятын береди ҳәм Тоқтағул суў сақлағышында зәрүр болған суў муғдарын топлаўға шараят жаратады. Топланған суў резерви кейин ала Қазақстан ҳәм Өзбекстанның аўыл хожалығы жерлерин вегетация дәўиринде турақлы суўғарыўға хызмет етеди.

Ушырасыўда, сондай-ақ, регионда энергия тутыныўын оптималластырыў, үнемлеўди арттырыў ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша биргеликтеги әмелий илажларды жолға қойыў мәселесине де келисип алынды. Министрлер бирге ислесиў “жақын қоңсышылық” руўхында әмелге асырылып атырғанын атап өтип, Орайлық Азияда энергия қәўипсизлигин беккемлеў барлық қатнасыўшы мәмлекетлер ушын тийкарғы ўазыйпа екенин атап өтти.

Мәжилис жуўмағында тәреплер 2026-жыл вегетация мәўсими ушын қысқы электр энергиясын жеткерип бериў ҳәм суўды топлаў көлемлерин ҳуқықый жақтан беккемлеўши үш тәреплеме протоколға қол қойды.

                                                                                 ӨзА