Ташкент қаласындағы «Жаслар пресс-клубы»нда қысқа метражлы фильмлер ҳәм видеороликлер, «Изҳор» қосық ҳәм гүрриңлер, «Жас қосық атқарыўшылары» Республикалық таңлаўларының жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими және «Жаслар китапханасы» жойбарының презентациясы болып өтти.

Қуўанышлы тәрепи, «Изҳор» қосық ҳәм гүрриңлер таңлаўында қарақалпақстанлы жас дөретиўшилер де мүнәсип қатнасты.

Таңлаўдың проза бағдары бойынша жеңимпаз болғанлар арасында Нөкис қаласындағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Улбосын Абдугалиева да бар.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, «Изҳор» таңлаўына 35 жасқа шекемги болған дөретиўшилердиң 400 ге шамалас қосық ҳәм гүрриңлери усынылған. Экспертлердиң жуўмағына бола, 10 қатнасыўшы жеңимпазлықты қолға киргизди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.