Экологиялық қәўипсизлик ҳәм философиялық пикирлеў: А.Бердимуратованың илимий мийрасы тийкарында

79

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор Алима Карлыбаевна Бердимуратованың 60 жыллық юбилейине бағышлап «Экологиялық қәўипсизлик ҳәм оның глобаллық қәўипсизлик системасындағы орнының философиялық-методологиялық анализи» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны университет ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы О.Дуйсенбаев басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, сенатор О.Атаниязова жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен профессор Алима Карлыбаевнаның илимий жолы, философия ҳәм методология тараўындағы хызметлери, жас кадрлар таярлаўға қосқан салмақлы үлеси айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, оның бүгинги күндеги илимий мектеби, илимпаз шәкиртлери тәрепинен алып барылып атырған изленислер ҳәм жетискенликлер де көрсетилди. Устаздың республикалық ҳәм халықаралық илимий жәмийетшиликтеги орны, философия тараўындағы теориялық ҳәм әмелий қолланбалары, алып барған изертлеўлери илимий жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланды.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық Алима Бердимуратова «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Алима Бердимуратова 1987-жылы Москва мәмлекетлик университетиниң философия факультетин тамамлағаннан соң, өзиниң илимий изленислерин алып барып кандидатлық диссертациясын 1993-жылы 17-февральда Москва мәмлекетлик университети философия факультетиндеги қәнигелестирилген илимий кеңесте табыслы қорғайды. Ал, докторлық диссертациясын болса, 2000-жылдың 26-февраль күни Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Философия ҳәм ҳуқық институты жанындағы илим докторы илимий дәрежесин бериўши қәнигелестирилген кеңесте «Философско-методологические проблемы современной экологической ситуации (на материалах Приаралья)» атамасында 09.00.01 – Диалектика ҳәм билиў теориясы қәнигелиги бойынша табыслы жақлаған.

Ол өз изертлеўлеринде жәмийеттиң раўажланыўы, руўхый қәдириятлар, жаслардың интеллектуаллық раўажланыўы сыяқлы әҳмийетли мәселелерге философиялық қатнасты алға қойып келмекте. Алима Бердимуратова тәрепинен алып барылған илимий излениўлер тек теориялық жақтан емес, ал әмелий турмыста да өз сәўлелениўин тапқан. Илимпаздың басшылығында қорғалған илимий жумысларда миллий ой-пикир, заманагөй көзқарас ҳәм педагогикалық шеберлик үнлес ҳалда сәўлелендирилген. Шәкиртлери болса, бүгин мәмлекетимиздиң түрли тараўларында табыслы жумыс алып барып, устаздың атын мақтаныш пенен тилге алады. Профессордың илимий мийрасы кең көлемли шығармалар, мақалалар, монографиялар ҳәм илимий изертлеўлер арқалы өз көринисин тапқан. Оның жазған шығармалары бүгинги күни көплеген студент ҳәм изертлеўшилер ушын қунлы дерек сыпатында хызмет етпекте.

Ҳәзирги ўақытта Алима Бердимуратова Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Социаллық пәнлер” кафедрасы баслығы лаўазымында өзиниң көп жыллық тәжирийбеси менен жасларға устазлық етип келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги