“Жасларды тыңлаймыз” – пикирлер, жаңа басламалар

59

Жаслар ислери агентлиги тәрепинен тийисли тараў ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында онлайн тәризиндеги ашық пикирлесиў шөлкемлестирилип, оған Нөкис қаласындағы Жаслар орайындағы студиядан республикамыз жаслары да қатнасты.

Ушырасыўда жаслардың тәрбиясына социаллық тармақлардың тәсири, унамлы контентти көбейтиў ҳәм блогерлик мәдениятын қәлиплестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сөйлесиў даўамында 30 дан аслам усыныс ҳәм басламалар тыңланды. Оларды әмелиятқа енгизиў бойынша анық режелер ислеп шығылып, социаллық тармақлар арқалы келген усыныслар да тийисли жуўапкерлерге бириктирилди.

Бундай ушырасыўлар – жаслардың пикири қәдирлениўи, олардың дөретиўшилик идеялары менен басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында үлкен имканият жаратпақта.

Илаж даўамында жаслар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги