Спортшыларымыз Ислам тилеклеслик ойынларын табыслы жуўмақлады

Саудия Арабстанының пайтахты Ар-Рияд қаласында болып өткен VI Ислам тилеклеслик ойынларында мәмлекетимиздиң спорт делегациясы улыўма 96 медаль, соннан 29 алтын, 35 гүмис ҳәм 32 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 57 мәмлекет арасында екинши орынды ийелеўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи, елимиз спортшыларының бундай жоқары нәтийжеге ерисиўинде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыз ўәкиллеринен боксши Мадияр Данияров, ҳаял-қызлар гүреси бойынша палўан Ақтенге Кеўнимжаевалар алтын, сабляшылардан Гүлистан Пердебаева, Зайнаб Дайыбекова, Муса Айтмуратов ҳәм Ислам Абдазовлардың гүмис медальлары менен өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты. Соны айтып өтиўимиз керек, мәмлекетимиз спорт делегациясы 2022-жылы Түркияның Конья қаласында өткерилген V Ислам тилеклеслик ойынларында да түркиялы спортшылардан соң екинши орынды ийелеген еди.




Спортшыларымызды ерискен бул үлкен табысы менен қутлықлап, олардың алдағы жарысларда да жоқары көрсеткишлерди қолға киргизиўине тилеклеслик билдирип қаламыз!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы