Өзбекстан делегациясы мәмлекетлик хызмет ҳәм кадрлар сиясаты бойынша Франция тәжирийбесин үйренбекте

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде инсан ресурсларын басқарыў системасын нәтийжели шөлкемлестириў, хызметкерлерге болған талапты анықлаў ҳәм стратегиялық тийкарланған жыллық кадрлар режелерин ислеп шығыў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Миллий басқарыў системасында Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (ГИЗ) “Нәтийжели басқарыў” бағдарламасы шеңберинде “Инсан ресурсларын стратегиялық режелестириў” механизмлери басқышпа-басқыш енгизилмекте. Соның ишинде, 23 министрлик ҳәм уйымда кадрларды режелестириў усыллары енгизилди.

Жойбар шеңберинде Президент Администрациясы, Президент жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги, Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентликлери жуўапкерлеринен ибарат делегация ушын Францияда стажировка бағдарламасы шөлкемлестирилди.
Бағдарлама даўамында делегация SIGMA ҳәм OECD шөлкемлериниң ўәкиллери менен ушырасыў, мәмлекетлик хызметте инсан ресурсларын стратегиялық басқарыў, кадрларды меритократиялық тийкарда таңлаў, жумысшы күшин баҳалаў ҳәм хошаметлеў сыяқлы тәжирийбелер менен танысыў нәзерде тутылған.

Францияның мәмлекетлик басқарыў ҳәм хызмет бойынша бас директораты ҳәм Франция мәмлекетлик хызмети миллий институты менен ушырасыўлар шөлкемлестириледи. Онда мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын арттырыў, санлы технологиялардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқарыў нәтийжелилигин және де жақсылаў мәселелери додаланады.
Мағлыўмат ушын: бул бағдарлама Өзбекстанда инсан ресурсларын стратегиялық режелестириў тараўында алдынғы тәжирийбелерди енгизиў, кадрлар сиясатын заманагөйлестириў ҳәм мәмлекетлик хызмет нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген.
Н.Абдураимова, ӨзА