Жасырын экономикаға қарсы биргеликте гүресиўимиз керек

60

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында Әдиллик министрлиги хызметкерлериниң қатнасыўында оқыў-сабағы өткерилди.

Онда контрафакт өнимлерди анықлаў, жасырын экономиканың алдын алыў ҳәм бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери додаланды. Контрафакт товарлардың халыққа ҳәм экономикаға зыянлы тәсири түсиндирилип, бундай өнимлерди алып кириўге қарсы биргеликте гүресиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери де додаланып, оның унамсыз ақыбетлери, яғный ҳуқық үстинлигине зыян жеткериўи, инсан ҳуқықларының бузылыўы, экономиканың раўажланыўына тосқынлық етиўи ҳәм мәмлекетлик бюджетке зыян жеткериўи атап өтилди.

Коррупцияға байланыслы жынаятларға талан-тараж етиў, алдаўшылық, пара алыў, бериў, лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў, жынайый дәраматларды легалластырыў сыяқлы Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьяларында жынайый жуўапкершилик көрсетилген жағдайлар киреди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги