«Президент қәбилетли перзентлери» Миллий бағдарламасында кимлер қатнасыўы мүмкин?

71

Жасларымыздың дүньядағы жетекши жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўи ушын тереңлестирилген ҳалда таярлаў мақсетинде турмысқа енгизилген Миллий бағдарламаның дǝслепки басқышы нǝтийжели әмелге асырылмақта.

Əҳмийетлиси, Қарақалпақстан Республикасының улыўма орта билим бериў мектеплеринен 144 оқыўшы усы бағдарлама шеңберинде республика бойлап өткерилген таңлаўда ең жоқары балл топлаған 1 мың 500 9-класс питкериўшилери қатарында таңлап алынып, билимлерин арттырмақта.

Бүгин олар Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында жайласқан “Ренессанс” балалар дем алыў орайында оқыў шынығыўларын баслаған. Миллий бағдарлама даўамында оқыўшылар бухгалтерия есабы, бизнес тийкарлары ҳәм заманагөй көзқарас (Global Perspectives) пәнлерин үйренеди. Бул пәнлер Миллий бағдарлама қатнасыўшыларының аттестатларына киргизилиўи белгиленген.

«Президент қәбилетли перзентлери» Миллий бағдарламасының дәслепки басқышы бойынша бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар, оқыў процеси, жойбардың келешектеги перспективалары ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы Президент мектеби мәсләҳәтшиси Данияр Дастеновтан интервью алды.

– «Президент қǝбилетли перзентлери» Миллий бағдарламасы қǝбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўдың ǝмелдеги ҳǝм реал, потенциаллы, инновациялық механизми екенлиги менен дыққатқа ылайықлы. Елимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тǝрепинен 2025-жылдың 15-май күни қабыл етилген «Президент қǝбилетли перзентлери» басламасын ǝмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пǝрман қǝбилетли жасларды ерте анықлаў ҳǝм оларды ҳǝр тǝреплеме қоллап-қуўатлаў арқалы мǝмлекетте инсан капиталын раўажландырыў, жаслар менен мǝнзилли ислеў арқалы глобаллық мийнет базарында бǝсекиге шыдамлы болған қǝнигелерди таярлаў ҳǝм мǝмлекет раўажланыўы ушын жаңа инновациялық имканиятлар жаратыў сыяқлы мақсетлерди гөзлейди. Бүгинги күнде бул ҳүжжет қǝбилетли жасларды бирден-бир платформаға бирлестириў арқалы олардың өза-ара бирге ислесиўи, тǝжирийбе алмасыўы ҳǝм интеллектуаллық потенциалын ǝмелге асырыў ушын нǝтийжели орталық жаратыўда айрықша ǝҳмийетке ийе.

– «Президент қǝбилетли перзентлери» Миллий бағдарламасында кимлер қатнасыўы мүмкин?

– Бағдарламада мǝмлекетимиздеги барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класын питкериўши оқыўшылары қатнасыўы мүмкин. Буның ушын усы жылдың май-август айлары аралығында таңлаў өткерилди. Онда 9-класс питкериўшилеринен ибарат 28 мың талабан арасынан 1 мың 500 ең қǝбилетли ул-қыз математика ҳәм инглиз тили пәнлеринен өткерилген арнаўлы тест-сынақлары арқалы таңлап алынған еди.

Бүгинги күнде усы оқыўшы-жаслардың бир бөлеги «Ренессанс» дем алыў орайында бухгалтерия есабы, бизнес тийкарлары ҳәм заманагөй қатнас пәнлери бойынша 45 минутлық сабақлардан ибарат шынығыўларда қатнаспақта. Ҳәптесине жәми 30 саатлық билимлендириў процесинде сырт еллердиң ҳәм мәмлекетимиздиң ең тәжирийбели педагоглары оқыўшыларға сабақ өтпекте.

– Бул оқыў бағдарламаларындағы пәнлер ҳәзирги заман талабынан келип шыққан ҳалда оқыўшыларға зәрүрли көнликпелерди бериў мақсетинде таңлап алынған, солай емес пе?

– Әлбетте, таңланған пәнлер мектеп питкериўшисиниң финанслық саўатлылығын арттырыўға, сын көзқарас пенен пикирлеўди раўажландырыўға, бийғәрез түрде қарар қабыл етиў ҳәм өзиниң пикирин қорғай алыўға, оларды заманагөй экономика ҳәм жәмийет талап ететуғын көнликпелер менен тәмийинлеўге қаратылған. Тәлим процеси Cambridge Assesment International Education жантасыўлары тийкарында инглиз тилинде әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Бухгалтерия есабы» пәни (Accounting) – финанслық саўатлылық, есапларды оқыў, анализлеў ҳәм қарар қабыл етиў көнликпелерин қәлиплестиреди. Усы арқалы оқыўшыларда сын көзқарастан пикирлеў ҳәм машқалаларды шешиў потенциалын жүзеге шығарады. “Бизнес тийкарлары” пәни (Business) – базар логикасы, басқарыў ҳәм исбилерменликке тийисли тийкарғы түсиниклерди береди. Оқыўшыда сын көзқарастан пикирлеў ҳәм әмелий мәселелерди шешиў қәбилетин раўажландырады. “Заманагөй көзқарас” пәни (Global Perspectives) – кең дүньяқарас, еркин үйрениў, дәлиллерге тийкарланған пикирлерди билдириў ҳәм өзиниң көзқарасын қорғай алыў көнликпесин раўажландырады.

Бул пәнлер Миллий бағдарлама қатнасыўшыларының аттестатларына да киргизилиўи белгиленген. Курс жуўмағында оқыўшылар усы бағдарлар бойынша имтихан тапсырады. Олардың нәтийжелери болса мәмлекетлик үлги тийкарында белгиленген рәсмий гүўалықларда сәўлеленеди.

– Бағдарлама шеңберинде оқыўшыларды дүньядағы жетекши жоқары оқыў орынларына таярлаў ушын усындай қысқа мүддетли оқыў курсларынан тысқары қандай илажлар әмелге асырылыўы режелестирилген?

Миллий бағдарламада қатнасып атырған оқыўшыларға Қәнигелестирилген тәлим мәкемелери агентлиги системасындағы мектеплерден мектеп кеңесгөйи бириктирилген болып, олар еки жыл даўамында – 10-11-классларда оқыў даўамында жаслардың портфолиоларын қәлиплестириўге, халықаралық имтиханларға таярлаў ҳәм мотивациялық бағдарда жәрдем береди.

Бул кеңесгөйлер оқыўшыларға жоқары билимлендириўге кириў ушын зәрүр болатуғын билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыўда ҳәм портфолиони беккемлеўде жәрдем береди.

Соны да айтыў керек, бүгинги күнде дүньяның ең жетекши жоқары оқыў орынларында жаслардың портфолиосына үлкен итибар қаратылады. Яғный, университетке кириў тилегиндеги жигит ямаса қыз қандай жойбар ислеген, жаслардың жетекшилик потенциалы, жәмийетке, социаллық турмысқа келтирген пайдасы сыяқлы реал жумысына тийкарғы итибар қаратылады. “Президент қәбилетли перзентлери” Миллий бағдарламасы оқыўшыларға әне усы портфолионы қәлиплестириўге имканият жаратады.

Қатнасыўшыларға керекли көнликпелерди бериў ушын Миллий бағдарлама платформасы ислеп шығылады. Онда 100 баллық рейтинг системасы жолға қойылған болып, бул платформада халықаралық имтихан нәтийжелери, пәнлер бойынша олимпиада жетискенликлери, социаллық жойбарлар ҳәм спорт-дөретиўшилик жумыслары есапқа алынады.

– Бүгинги күнде “Ренессанс” дем алыў орайында билимлендириўге байланыслы ең алдыңғы ҳәм инновациялық жойбарлар, қызықлы әнжуманлар, оқыўшы-жаслардың билимин, потенциалын арттырыўға қаратылған ағартыўшылық илажлар да шөлкемлестирилип атырғанының гүўасы болып атырмыз. Бул арқалы мәмлекетимиз жасларымыздың билимине өзине тән хошамет, жаңа арзыў-нийетлерине қанат бағышламақта.

– Дурыс айтасыз, дем алыў орайында интенсив оқыў сабақлары процесинде бағдарлама қатнасыўшылары пәнлерди үлкен қызығыўшылық ҳәм билимге қуштарлық пенен, белсене өзлестирип атырғанына гүўа болыў мүмкин. «Президент қǝбилетли перзентлери» Миллий бағдарламасы жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў менен бирге, олардың дөретиўшилик көзқарасы ҳәм лидерлик көнликпелерин де раўажландырыўға хызмет етпекте. Шөлкемлестирилип атырған ҳәр бир илаж оқыўшылардың пикирлеўин, сахнада өзин еркин услаўын ҳәм жәмийетлик белсендилигин арттырыўға қаратылған.

Атап айтқанда, оқыўшылар арасында «Талант шоу», «Заковат» интеллектуал ойыны, стол тенниси, баскетбол ҳәм басқа да спорт жарыслары өткерилип, дем алыс күнлери саяхатлар шөлкемлестирилмекте. Нәтийжеде олар командалық пикирлеў, тезлик ҳәм логикалық ой-пикирди беккемлемекте.

Улыўмаластырып айтқанда, «Президент қǝбилетли перзентлери» Миллий бағдарламасы бул тек билимлендириў жойбары емес, ал, жаслардың ой-пикирин, көзқарасын ҳәм қәбилетин жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған кең көлемли баслама болып табылады.

Сәўбетлескен: М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы