Хожели келешекте жаслар ҳәм раўажланыўлар қаласына айланады

200



Хожели тек ғана республикамызда емес ал, Өзбекстанда өндирис, саўда, исбилерменлик ҳәм әййемги тарийхый орынлары менен белгили район. Жақында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын және бир үлкен әҳмийетли қарары қабыл етилип, усы  қарар тийкарында районда “Жаслар социаллық экономикалық орайы”н қурыў белгиленген еди. Биз районның раўажланыў жолы, халықтың социаллық-экономикалық жағдайы, туризм потенциалы ҳәм жаңа жойбар тийкарында әмелге асырылып атырған  жумыслар ҳаққында Хожели районы ҳәкими Ермашев Женгис Маратович пенен сәўбетлескен едик.

 – Женгис Маратович, сәўбетимизди районның ҳәзирги ўақыттағы тийкарғы жетискенликлери ҳәм раўажланыў жоллары ҳаққында басласақ.  Соңғы ўақытларда районда қайсы тараўларда үлкен өзгерислер болмақта?

– Ҳақыйқатында да, тарийхы бир неше мың жыллар менен байланыслы болған Хожели бүгинги дәўирде де заман менен теңдей қәдем таслап, айдын келешекке қарай раўажланып баратырған район есапланады.

Ҳүрметли Журтбасшымыздың Қарар ҳәм Пәрманлары тийкарында республикамыздың барлық орынлары қатарында бизиң районымызда да кең көлемли қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылып, район турғынларының абадан турмыс кешириўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.

Районда усы 2025-жылдың 10 айы даўамында социал-экономикалық көрсеткишлерди тараўлар кесиминде соңғы 5 жыл менен салыстырғанда:

Бюджет түсими 2020-жылы 53,4 млрд. сумды қураған болса, бул көрсеткиш быйылға келип 65,5 млрд. сумға жеткерилди (+12,1 млрд. сум).

Санаат өнимлерин ислеп шығарыў 2020-жылы 367,2 млрд. сумды қураған болса, бул көрсеткиш усы жылыӊ 10 айы даўамында 563,6 млрд. сумға жеткерилди (+196,4,6 млрд. сум, өсим 153,5%).

Инвестиция тараўында 2020-жылы 124,8 млрд. сумлық жойбарлар әмелге асырылған болса, усы жылдыӊ 10 айы даўамында 204,2 млрд. сумға жеткерилди (+79,4 млрд. сум, өсим 163,2%).

Экспорт көрсеткиши 2020-жылы 2,6 млн. АҚШ долларды қураған болса, быйылға келип бул көрсеткиш 5,1 млн. АҚШ долларға жеткерилди
(+2,5 млн. АҚШ доллар).

Хызмет көрсетиў тараўы 2020-жылы 288,8 млрд. сумды қураған болса, усы жылдың 10 айы даўамында бул көрсеткиш 686,8 млрд. сумға жеткерилди (+398 млрд. сум, өсим 237,8%).

Қурылыс тараўында 2020-жылы 147,7 млрд. сумлық жумыслар әмелге асырылған болса, усы жылдыӊ 10 айы даўамында 265,1 млрд. сумға жеткерилди (+117,4 млрд. сум, өсим 179,5%).

Аўыл хожалығы тараўында 2020-жылы 487,2 млрд. сумлық өним жетистирилген болса, бул көрсеткиш усы жылдыӊ 10 айы даўамында
653,1 млрд. сумға жеткерилди (+165,9 млрд. сум, өсим 134,1%).

Бул көрсеткишлерди мысал ретинде айтатуғын болсақ, жергиликли санаатты раўажландырыў мақсетинде Наўрыз МПЖда Әндижанлы исбилермен менен биргеликте жойбар  суммасы 8,3 млрд. сум болған
аяқ-кийим ислеп шығарыўшы “Do‘stlar shoеs Xo‘jayli”ЖШЖ иске түсирилип 150 ден артық жаңа жумыс орынлары жаратылды ҳәм ислеп шығарылған өнимлер ҳәзирги күнде ишки базарды тәмийинлеп келмекте.

Сондай-ақ, Қазақстан Республикасынан алып келинетуғын бийдайды қайта ислеп, ун өнимин шығарыўға қәнигелестирилген Сарышүнгил АПЖда проект суммасы 14,2 млрд. сум болған “Xojeli un mahsulotlari” ЖШЖ ҳәм Күн нуры МПЖда жойбар суммасы 8,1 млрд. сум болған
“United Kapital” ЖК иске түсирилиўи нәтийжесинде жәми 80 жаӊа жумыс орны жарытылды ҳәм кәрханалар тәрепинен таярланған ун өними ишки базарды толық тәмийинлеў менен бирге бүгинги күнде Аўғанстан Республикасына экспорт қылынбақта.

Бул әлбетте, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына деген айрықша итибарының нәтийжеси болып, бундай ғамхорлық ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз!

– Жол, суў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тәмийнаты менен байланыслы мәселелер қалай шешилмекте? Қурылыс ҳәм абаданластырыў ислерине де тоқтап өтсеңиз.

– Пуқаралардың күнделикли турмыс шәраяты менен байланыслы болған жол, суў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ мәселелери де белгиленген режелер тийкарында қанаатландырылып келинбекте.

Министрлер Кабинетиниӊ 2024-жыл 11-октябрдеги “Қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлер көшелери ҳәм де ишки хожалық жоллары инфраструктурасын және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары тийкарында районныӊ 15,7 км ишки жолларын оӊлаў ҳәм қум-шағыл тас араласпасын (ЩПС) төсеў жумысларына жәми 4 млрд. сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде бул жумыслар толық әмелге асырылды.

Президентимиздиӊ 2024-жыл 24-декабрдеги “2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында
6 млрд. сум қаржы есабынан “Нөкис-Хожели” автомобиль жолыныӊ
6-11-км аралығына асфальт қапламасын төсеў ҳәм жолды реконструкция ислеў  жумыслары әмелге асырылды.

Электр энергия тармағын жақсылаў ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў бойынша районда жәми 750,0 млн. сумлық, атап айтқанда, 250 дана электр таяныш бағаналарын алмастырыў, 131,2 км ҳаўа электр узатыў линияларын ҳәм 55 дана трансформаторда ири оӊлаў, 89 дана трансформаторда ҳәм 243,5 км ҳаўа электр узатыў линияларында киши оӊлаў жумыслары алып барылды.

Соныӊ менен бирге, Журтбасшымыздың 2025-жыл 23-сентябрьдеги  “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши дәрежели илажлар ҳаққында”ғы  қарары тийкарында
5,1 млрд. сум қаржы есабынан Күн нуры, Шағалакөл, Саманкөл, Қумжыққын, Сарышүнгил ҳәм Әмиўдәрья мәҳәлле аймақларында 1 010 дана темир бетон бағаналары, 25,9 км СИП кабель ҳәм 7 дана трансформатор орнатыў жумыслары әмелге асырылды, нәтийжеде 7 мыӊнан аслам шаӊарақларда электр энергия сапасы жақсыланды.

Бүгинги күнде районда жәми 25 281 тутыныўшы болып, соннан,
97 проценти (24 513 хожалық) тәбийғый газ бенен, ал 3 проценти  (768 хожалық) суйылтырылған газ бенен тәмийинленген.

Сондай-ақ, Пәрўаз, Наўрыз, Мәденият, Нурлы жол, Қырқыншы мәҳәллелеринде 1 335 хожалықты еки басқарыўшы системаға өткериў жумыслары режелестирилген болып, соннан бүгинги күнде 1 801 хожалықта регулятор орнатыў жумыслары әмелге асырылды. (реже +135 процент)

Қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында қысқаша айтатуғын болсақ, Президентимиздиӊ 2023-жыл 25-декабрьдеги
“2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы  қарары тийкарында районда жәми 72,1 млрд. сумлық
7 объектте қурылыс жумысларын алып барыў белгиленди. Бүгинги күнде социаллық объектлерди қурыў, автомобиль жолларына қара қапламалы асфальт төсеў ҳәм жап-салмаларды бетонлаў жумыслары өз ўақтында сапалы әмелге асырылды.

Және де, Президентимиздиң 2023-жыл 30-марттағы  Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Жаңа жап АПЖда 4,6 млрд сумлық 150 орынға мөлшерленген жаңадан мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Журтбасшымыздың 2022-жыл 25-октябрьдеги “Жәмийетлик пикир тийкарында қәлиплестирилетуғын жойбарларды қаржыландырыў көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық пуқаралардыӊ белсендилиги менен усы жылдыӊ I ҳәм II мәўсимде жәми
17 жойбарға 23,3 млрд. сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, Президентимиздиң 2025-жыл 21-апрельдеги “2025-жыл ушын меншиклестириў бағдарламасы ҳаққында”ғы  пәрманы тийкарында районда жәми 4 дана көп квартиралы, 206 шаӊарақ ушын мөлшерленген турақ жай қурыў реже етип алынып, олар Абат МПЖда 121 шаңарақ ушын мөлшерленген 7 қабатлы
1 ҳәм 45 шаңарақ ушын мөлшерленген 5 қабатлы
1, Мәденият МПЖда 40 шаңараққа мөлшерленген 5 қабаттан ибарат
2  көп қабатлы турақ жайлардың қурылыўы режелестирилген.

– Районда киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын қандай шараятлар жаратылған? Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм  жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумысларға да тоқтап өтсеңиз.

– Бүгинги күнде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде Президентимиздиң 2022-жылдағы 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы тийкарында  исбилерменлердиӊ дәрамат ҳәм айланба салықларынан 50 процентлик жеӊилликлер берилген болып, жаӊадан мәмлекетлик дизимнен өткен исбилерменлерге дизимнен өткен айы ушын белгиленген  салықтан бир айлық жеңиллик берилген. Бул жеӊилликлерден районымыз исбилерменлери нәтийжели пайдаланбақта.

Сондай-ақ, жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде,  Президентимиздиң басшылығында 2025-жыл 14-февральда  сәўбет көринисинде жаслар менен өткерилген видеоселектор мәжилисинде жас исбилерменлер ушын жаңа дәўирди баслап бериўши 3 үлкен әҳмийетли қарар қабыл етилди:

“Жаслар исбилерменлигин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы  қарары тийкарында, “Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли фонды” шөлкемлестирилиўи белгиленип, исбилерменлигин баслап атырған ҳәм миллий ямаса халықаралық C1 дәрежедеги шет тилине сертификаты бар жасларға шетки аймақларда шет тили қайта таярлаў курсларын (репетитор) шөлкемлестириў ушын ссуда көринисинде 3 жыл мүддетке қаржы ажыратылыўы белгиленген. Бул қарар тийкарында бүгинги күнде Хожели районынан 11 жасқа жәми 1,5 млрд. сумлық кредит ҳәм 1 жасымызға 130 млн. сум ссуда қаржыларын ажыратыў ушын арзалары таярланып,  тийисли ҳүжжетлер фондқа жиберилди.

“Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа орналасыўына көмеклесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы   қарары тийкарында, жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде районымызға Миллий банк бириктирилген болып, бул банк тәрепинен райондағы 18 жасқа 545 млн. сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

“Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийнилеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы
қарары тийкарында “Алоқа” банк “Жаслар таяныш банки” деп жәрияланып, районда өзин бәнт етип, исбилерменликти жолға қойып атырған 85 жасқа жәми 5,6 млрд. сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылды.

– Районды  социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша Бухара ўәлаятының  қәўендерлигине бекитилигенли берли қандай илажлар алып барылды? Ўәлаят тәрепинен район халқының турмыс жағдайын жақсылаў бойынша нелер исленди?

– Ҳурметли Президентимиздиӊ Қарақалпақстанға айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының бир дәлили сыпатында қабыл етилген қарарына муўапық, Бухара ўәлаяты Хожели районына бириктилди. Усы қарар бойынша районымызда көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы  қарарына муўапық, райондағы социаллық қорғаўға мүтәж 635 шаңарақтың турақ жайының төбеси шиферлап берилген болса, 27 турақ жай жаңадан қурып берилди.

Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң басламасы менен  районымыздағы Орайлық стадионға жәми 5 млрд. сум қаржы ажыратылып, стадионда үлкен көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде, 2 мыӊнан аслам тамашагөй сыйымлылығына ийе болған заманагөй көринистеги стадион қурылып, усы жылдыӊ 1-ноябрь күни пайдаланыўға тапсырылды.

Усы күнлерде болса, районымызда халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм оларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша 3-30-ноябрь күнлери “Медициналық көриктен өтиң ҳәм өзиңизге саламат турмыс тәризин саўға етиң” атамасында саламатлық айлығы өткерилмекте ҳәм бул жойбарға Бухара ўәлаяты медицина бирлеспесиниң тәжрийбели шыпакерлери қатнасып, район халқына медициналық жәрдем көрсетпекте. Бул процессте пуқаралар скрининг тексериўден өткерилип, кеселликлердиң ерте анықлаў ҳәм оларды емлеп, бийпул операциялар исленбекте.

– Кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша қандай илажлар алып барылмақта?

– Районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен ҳәр бир шаңарақтың жағдайы, олардың социаллық мүтәжликлери ҳәм жәрдемге болған талабы үйренилип, нәтийжеде район аймағынан 8 292 пуқараға әмелий жәрдемлер көрсетилиўи белгиленди.

Усы жыл 1-ноябрь жағдайына көре, “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен халықтың 12 категориядағы қатламына 94 түрдеги социаллық хызметлер көрсетилди.

Атап айтқанда, кем тәмийинленген, майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болғанларға “Сахаўат ҳәм көмек” фонды есабынан
168 пуқараға жәми 168,3 млн. сумлық жәрдем көрсетилди.

– Президентимиз тәрепинен жақында Қарақалпақстан ушын және бир үлкен әҳмийетли қарар қабыл етилип, усы қарар тийкарында Хожели районында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н қурыў белгиленди. Қурылыс ислериниң барысы қандай ҳәм бул жерде қандай имканиятлар жаратылады. Сондай-ақ, бундай ири жойбар не ушын әйне Хожели районында қурылыў белгиленген?

– Президентимиздиң 2025-жыл 3-ноябрьде “Қарақалпақстан Республикасында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан “Жаслар социаллық-экономикалық орайын қурыў илажлары ҳаққында”ғы   қарары қабыл етилди. Журтбасшымыздың бул үлкен әҳмийетли қарары тийкарында районымыздағы Саманкөл АПЖ аймағының 152 гектар жер майданында шөлкемлестирилип атырған “Жаслар социаллық-экономикалық орайы”нда қурылыс жумысларын алып барыў ушын Қытай Халық Республикасының “Everprosper Investment & Cunsulting Co. Ltd” компаниясы таңлап алынып, орайды қурыў ушын 2026-2030-жыллары Инвестор тәрепинен 400 миллион АҚШ доллары муғдарында туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын киргизиў белгиленди. Сондай-ақ, қарар тийкарында орайдыӊ инфраструктурасы ушын республика бюджети қаржылары есабынан 10 жыл мүддетке 1 триллион сум муғдарында бюджет ссудасы ажыратылмақта ҳәм бүгинги күнде қурылыс жумыслары басланыў алдында.

Бул орайды иске түсириў нәтийжесинде 5 мыӊнан аслам жаӊа жумыс орынлары шөлкемлестирилип, жасларымыздыӊ бәнтлиги тәмийинленеди.

Қарарға муўапық мәмлекетлик уйым сыпатында шөлкемлестирилип атырған “Жаслар социаллық-экономикалық орайы офиси” имәраты қурылды. Сондай-ақ, аймақта қурылыс материалларын ислеп шығарыў ушын зәрүр болған цемент-бетон заводлары иске түсирилди.

Бул үлкен жойбар тийкарында аймақта IT университет, стартаплар технопарки ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў инновациялық топарлары, жаслар бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған ислеп шығарыў кәрханалары жумысы жолға қойылады.

Қурып пайдаланыўға тапсырылған социаллық тараў объектлери инвестор тәрепинен мәмлекетлик уйымларға бийғәрез өткерип бериледи.

Сондай-ақ, бул Орай: – билимлендириў ҳәм тәжирийбе арттырыў тараўында заманагөй кәсиплерди қысқа мүддетли оқыў курслары арқалы ийелеў ҳәм мийнет базары талапларына сәйкес көнликпелерди қәлиплестириў;

– исбилерменликти раўажландырыў тараўында жас исбилерменлер ушын грантлар ҳәм субсидиялар ҳаққында мағлыўмат ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, бизнес-реже дүзиў, жойбарды баслаў ҳәм раўажландырыў бойынша мәсләҳәтлер бериў;

– социаллық белсендилик ҳәм волонтёрлық тараўында жаслардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыў ушын волонтёрлық бағдарламалар, ҳәр қыйлы социаллық жойбарлар ҳәм илажларда қатнасыў имканиятына ийе болыў, жаслардың басламаларын әмелге асырыў ушын жойбарлар таңлаўын ҳәм форумлар шөлкемлестириў;

– бәнтлик ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў тараўында жаслар ушын ваканциялар ҳәм әмелият орынлары ҳаққында мағлыўмат бериў, жумысқа жайласыўға көмеклесиў, жумыс бериўшилер менен ушырасыўлар ҳәм ярмаркалар шөлкемлестириў;

– психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем бериў тараўында жаслар ушын бийпул психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў, ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша курслар шөлкемлестириў;

– информация ҳәм коммуникация тараўында жаслар ушын әҳмийетли болған темалардың мәлимлеме майданшасын жаратыў, интернет ҳәм компьютерлерден бийпул пайдаланыў, жаслар арасында экономикалық саўатлылықты арттырыў имканиятлары жаратылады.

Тарийхқа көз жуўыртатуғын болсақ, Хожели Уллы жипек жолының дәрбентинде жайласқан аймақ. Бул аймақтан ерте дәўирлерде саўда кәрўанлары өткен. Ҳәзирги ўақытта да усы дәрбент жолда өзиниң раўажланыў жолы ҳәм бағдарына ийе болған Хожелиде усы үлкен жойбарды әмелге асырыў белгиленип алынған. Бул республикада барлық орынлар үйренилип, мақул деп қабыл етилгеннен соң басланып атырған жойбар есапланады. Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Хожели келешекте жаслар ҳәм раўажланыўлар қаласына айланыўы күтилмекте.

– Мине, еки жылдан берли халықаралық шөлкемлер тәрепинен райондағы тарийхый орынларды абаданластырыў ҳәм қайта тиклеў бойынша әнжуманлар өткерилип келинбекте. Бул халықаралық әнжуманлардың нәтийжесинде районда туристлер ушын жаңа “визит карточкасы” қәлиплестирилиўи мүмкин бе?

– Әлбетте. Хожели районында жайласқан ашық аспан астындағы еки мың бес жүз жыллық тарийхқа ийе Миздақхан комплексиндеги тарийхы
б.э.ш III әсирден басланатуғын Гәўир қала, XII-XIII әсирлерде қурылған “Мазлумхан сулыў” “Ережеп Халифа”, “Шамун Набий” “Жомарт қассап”, “Қырық шопан” естеликлери дүнья алымлары ҳәм туристлериниң итибарын тартпақта.

Бул тарийхый орынларға туристлер ағымын асырыў ушын бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2024-жыл 17-18-май күнлери районда “Миздақхан муқаддес ҳәм сырлы мәкан” атамасында халықаралық фестиваль өткерилди. Илаж Ташкент мәмлекетлик экономикалық университети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы ҳәм районы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Фестиваль шеңберинде “Мәдений хабардарлықты арттырыў ҳәм экологиялық турақлы туризмди раўажландырыў” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциясы болып өтти. Конференцияға АҚШ, Қубла Корея, Ирландия, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлерден экспертлер, илимпазлар  қатнасты.

Бул фестиваль ҳәм конференция 2025-жыл 23-24-май күнлери аралығында да шөлкемлестирилип, быйылғы конференцияға Түркия, Ҳиндстан, АҚШ, Филиппин мәмлекетлеринен тарийхшы алымлар қатнасты. Фестивальға жылдан жылға қатнасыўшы мәмлекетлердиң санының артып барыўы бул бизиң тарийхымыздың байлығы ҳәм шет ел алымларының қызығыўшылығыныӊ артыўынан бир дәлил десек болады.

Бул орындағы тарийхый мақбараларды қайта тиклеў бойынша халықаралық шөлкемлер менен де бирге ислесиўлер жолға қойылған. Мысалы ушын, 2024-жыл Америка Қурама Штатлары елшиханасы Миздақхан комплексиндеги XII әсирге тийисли “Ережеп Халифа” мақбарасын қайта тиклеў ушын 80 мың доллар ажыратты.

Бул ислердиң нәтийжелери әлбетте тарийхый орынларға келип атырған туристлер ағымының көбейиўинен көриўимиз мүмкин, себеби кейинги
2 жыллықта бул жерге келиўши туристлердиң саны еки-үш есеге асып, жылына 80 мыңға шекем шет елли туристлер саяхат етеди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң 2025-жыл 14-августта  “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары менен Қарақалпақстан Республикасының ески, таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаңа туристлик маршрутлар мәнзилли бағдарлама тийкарында жолға қойылыўы белгиленген. Мәнзилли бағдарлама менен Хожели районы аймағындағы “Миздакхан” археология-архитектура комплексинде туристлик комплекслерди зәрүр инфраструктуралар менен тәмийинлеў ушын
7,6 млрд. сум қаржы ажыратылады.

Әлбетте, Журтбасшымыздың айрықша итибары астында алып барылып атырған бул илажлар нәтийжесинде республикамызда соның ишинде
Хожели районында үлкен жойбарлар әмелге асырылып, районымыз
Жаңа Өзбекстанның раўажланған үлкен бир аймағына айланыўы күтилмекте. Бул жарқын келешегимиз ушын үлкен жаңалықлар ҳәм раўажаланыўлар дереги болып хызмет етери сөзсиз.

-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет, жумысларыңызда табыслар тилеймиз.

 

 

Сәўбетлескен Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы