Жазаны өтеў орынларының жағдайы үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы ЖОД Алтыншы регионаллық аймақ 2-санлы тергеў қамақханасында болып, тергеў қамақханасында нызамшылыққа әмел етиў жағдайы менен танысты.
Үйрениўде, қамаққа алынған шахслар ҳәм хожалық жумысларына қалдырылған қамақтағылар менен бирме-бир сәўбетлесип, 12 қамақтағы шахстың мүрәжатлары тыңланды, 5 шахстың мүрәжаты орнында шешилди сондай-ақ, оларға жаратылған ҳәр бир шараят – бул мәмлекетимиздиң ҳуқықый қүдирети, адамгершилик ҳәм әдиллик принциплерине сүйениўиниң айқын көриниси екени атап өтилди.
Мәкемеде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, олардың ҳуқықый, медициналық, материаллық ҳәм турмыслық тәмийнаты, қамаққа алынғанларды сақлаўда нызамларға әмел етилиўи жағдайы үйренилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги