Және бир нызамсыз қурылма мәжбүрий буздырылды

73

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен суд қарарларына тийкарланып, пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен нызамсыз қурылған қурылмаларды мәжбүрий бузыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўири даўамында әмелге асырылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде республика бойынша жәми 200 ден аслам нызамсыз қурылмалардың бузылыўына ерисилген, – дейди Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлиминиң мәмлекетлик орынлаўшысы Сулыўхан Қалмурзаева. – Мәселен, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2024-жыл 23-декабрь күнги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, Нөкис қаласы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйыны «Сүўенли» көшесиндеги 370 кв.м. жер майданына өзбасымшалық пенен қурылған тырнақты мәжбүрий бузыў ҳәм жер майданын жарамлы жағдайға келтириў белгиленген.

Бул орынлаў ҳүжжети бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди. Соның ишинде, жуўапкерге нызамсыз қурылманы өз есабынан бузыўы керек екенлиги ҳаққында бир неше мәрте түсиндириў ҳәм ескертиў берилди. Соған қарамастан, жуўапкер тәрепинен нызамсыз қурылма ықтыярлы түрде сапластырылмаған.

Сол себепли, бул нызамсыз қурылма Бюро хызметкерлери тәрепинен, арнаўлы техника қураллары жәрдеминде мәжбүрий бузып тасланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги