Дөретиўши муғаллимлер Олимпиадасы: Қарақалпақстан басқышы жеңимпазлары анықланды

75

Нөкис қаласындағы 55-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген «Дөретиўши муғаллимлер V олимпиадасы»ның Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Онда усы олимпиаданың Нөкис қаласы ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған мектеплердиң командалары белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести.

Қызықлы өткен жарыс шәртлери жуўмағында, биринши орынды Қоңырат районындағы 46-санлы мектептиң “Илғор педагоглар” командасы жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Кегейли районындағы 1-санлы мектептиң “Қарақалпақ қызлары” ҳәм Тақыятас районындағы 6-санлы мектептиң “Марифат юлдузлари 2025” командалары ийелеўге еристи.

Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министлигиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы