Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң мәлимлемеси тыңланды

Бүгинги күнде мәмлекетимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, оларды қорғаў, патасланыўының алдын алыў, ақаба суўларды қәўипсиз тәризде қайта пайдаланыў көлемин арттырыў, 2030-жылға шекем ҳәмме ушын турақ жай коммуналлық хызметлерден пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда бир қатар нәтийжели ҳәрекетлер жолға қойылған.
Бул бағдардағы жумыслар Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилисинде ҳәр тәреплеме додаланды. Онда Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң “БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-из әмелге асырыў бойынша тараўда системалы жумысларды шөлкемлестириў және 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, 21,8 мың километрден аслам ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары және 2 мың 851 объект қурылып, пайдаланыўға тапсырылған. Халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан жәми 1 594,1 км. ишимлик суўы ҳәм 329,8 км. ақаба суў тармақлары ҳәм объектлерин қурыў жумыслары әмелге асырылған. Ҳәзирги күнге шекем 117 қала, 302 қалашаның бас режелери ҳәм 1 мың 664 аўыллық елатлы пункттиң қала қурылысы ҳүжжетлери ислеп шығылған.

Сондай-ақ, 2030-жылға шекем ҳәр жылы орташа 5 мыңнан аслам көп квартиралы турақ жайлар ағымдағы ҳәм ири оңланады.
Мәжилисте ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын кеңейтиў, оларды модернизациялаўды жеделлестириў, қалалар ҳәм елатлы пунктлерде жасыл аймақлар, дем алыў бағлары, балалар ушын ойын майданшаларын кеңейтиў, көп квартиралы турақ жайларды өз ўақтында оңлаў бойынша пикир алысылды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА