Өзбекстанда Қытай технологиялары тийкарында ақыллы класслар ашылады

62

Кейинги жыллары елимиздиң билимлендириў системасында санластырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бойынша сезилерли өзгерислер бақланбақта. Сабақларда тек ғана китап ҳәм дәптер емес, ал заманагөй санлы шешимлер де оқыўшыларға жәрдем беретуғын дәўир басланды.

Әсиресе, оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасындағы байланысты әпиўайыластыратуғын, қадағалаўды болса анық ҳәм қолайлы түрге келтиретуғын технологияларға талап барған сайын артып бармақта.

Бул процессте Қытай менен жолға қойылған жаңа бирге ислесиў жойбары – ақыллы классларды жаратыў басламасы өз ўақтында басланған ҳәм әмелий нәтийже бериўи күтилип атырған әҳмийетли қәдем сыпатында итибарды тартпақта.

Пекиндеги Өзбекстан елшиханасында билимлендириў технологияларын раўажландырыўға қаратылған гезектеги әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды, делинеди Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги мағлыўматында. Қытайдың “Чонгқинг Шулиан Тианхиа” компаниясы ҳәм Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.

Келисим шеңберинде бир қатар ири жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Бәринен бурын, 60 жасалма интеллект камералары менен үскенеленген ақыллы класс жаратыў бойынша пилот жойбар жолға қойылады. Бул класслар оқыў процесин бақлаў, сабақ нәтийжелилигин арттырыў ҳәм инновациялық қатнасларды енгизиўге хызмет етеди.

Бирге ислесиў билимлендириў процесин модернизациялаў, санлы трансформация ҳәм жоқары технологиялар тараўындағы кооперацияны да өз ишине алады. Атап айтқанда, ақыллы билимлендириў, интеллектуаллық өндирис ҳәм электрон санаат бағдарларында биргеликтеги технологиялық шешимлерди ислеп шығыў режелестирилген. Жойбар ушын зәрүр болған техникалық тәмийнат – үскенелер, программалық өнимлер, орнатыў ҳәм сазлаў жумыслары толық қамтып алынады.

Меморандумға Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигиниң директоры Севара Шокирова ҳәм “Чонгқинг Шулиан Тианхиа” компаниясының халықаралық бөлиминиң басшысы Ван Тсзийси қол қойды.

М.ҲОЖИАКБАРОВА, ӨзА