Өзбекстанда әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформалары Дубайда тән алынды

59

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында “Суд басқарыўының халықаралық тенденциялары” темасында халықаралық конференция болып өтти.

Халықаралық суд басқарыўы ассоциациясы (IACA) тәрепинен шөлкемлестирилген халықаралық әнжуманда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң ағзалары да қатнасты.

Алпыстан аслам мәмлекеттен келген 300 ге шамалас делегатлардың қатнасыўында өткен халықаралық әнжуманда суд басқарыўының әҳмийети ҳәм суд ислерин көриўде жасалма интеллектти енгизиў мәселелери додаланып, өз-ара тәжирийбе алмасылды.

Өзбекстан Судьялар жоқары кеңесиниң ағзалары Хуршид Содиқов, Ҳусниддин Камолов “Жасалма интеллектти басқарыўда халықаралық стандартлардың орны” атамасында шығып сөйледи. Өзбекстанда әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформалары ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Бул тараўда ерисилип атырған жетискенликлер илаж қатнасыўшылары тәрепинен тән алынды.

Еслетип өтемиз, Судьялар жоқары кеңеси Суд басқарыўы халықаралық ассоциациясы (IACA) ағзалығына  2024-жылы қабыл етилген.

Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзА