Арал теңизиниң гөззаллығы франциялы фотосүўретши объективинде

Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң басламасы менен Нөкисте өткерилип атырған Франция мәденияты айлығы шеңберинде француз фотосүўретшиси Эрик Гурланның “Арал теңизи: естелик ҳәм оның гөззаллығы” атлы фотокөргизбеси болып өтпекте.
– Бүгин көпшилик Арал теңизин экологиялық машқалалар арқалы таныйды ҳәм биледи. Бирақ, мен бул сапары Аралды адамларға гөззал орын сыпатында көрсетиўге ҳәрекет еттим, – дейди Эрик Гурлан.
Көргизбеге 35 фотосүўрет қойылған болып, олар автор тәрепинен 25 жыл даўамында таярланып келинген. Ең әҳмийетлиси, сүўретлер XX әсир басында Хорезмли фотограф Худайберди Девонов қолланған ески фотография усылында, сол дәўирге уқсас фотоаппаратта түсирилген.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, франциялы Эрик Гурлан 1968-жылы Францияның қубласында жайласқан Лунель қаласында туўылып, 1990-93-жыллары Парижде жайласқан «Ceas de Hond» профессиональ студиясында фотограф болып жумыс ислейди. Соңынан 2000-жылға шекем Парижде профессор сыпатында фоторепортаж, реклама, қара-ақ аналог фотобаспа бойынша жасларға тәлим береди. 2000-2002-жыллары болса, еркин фотосүўретши сыпатында Балтық бойы, Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Монголия еллерине саяхат етип, буның нәтийжесинде «Адамлар ҳәм пейзажлар» дөретпесин дөретеди.
Эриктиң дөретпелери Франциядан тысқары, АҚШ, Россия, Австрия, Чехия, Индонезия, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Израилда өткерилген фотокөргизбелерге қойылып, бир қатар таңлаўларда жеңимпаз деп табылған.
Атап айтқанда, ол 1996-жылы «Tetenal-Photographiе», 1998-жылы «Kodak-Professionnel», 2003-жылы «Hasselblad», 2010-жылы «Кеңпейиллик ҳәм ашық-айдынлық» фототаңлаўларында жеңимпаз болған.
Франциялы фотосүўретшиниң көргизбеге қойылған фотосүўретлерди 30-ноябрьге шекем келип тамаша етсеңиз болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы