Жәмийетлик транспорт жолаўшы ушын қолайлы болыўы керек

Қарақалпақстан Республикасының транспорт министрлигинде министрликтиң жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасыўында министрлик тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
Илажда Транспорт министри П.Каипбеков, Нөкис халықаралық аэропорты директорының орынбасары Қ.Нуратдинов, «Uzairways» ўәкили И.Қудайбергенов, Нөкис темир жол станциясы баслығы Б.Мустафаев, Транспортты раўажландырыў секторы бас қәнигеси М.Жийемуратов халық саны жыл сайын көбейиўи нәтийжесинде жәмийетлик транспортқа болған талап та артып баратырғанын атап өтти. Сонлықтан халыққа автотранспорт хызметин көрсетиўди жақсылаў, жәмийетлик транспорттың жөнелислери тармағын кеңейтиў ҳәм ҳәрекет қурамын заманагөй, экологиялық таза микроавтобус ҳәм автобуслар менен жаңалаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылғаны айтылды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда жәми 424 жөнелис бойынша 2 мың 790 жәмийетлик транспорт ҳәм 12 мың 121 жөнелиссиз таксилер хызмет көрсетип келмекте. 1 мың 169 елатлы пункти транспорт хызметлери менен қамтып алынған болып, жәмийетлик транспортлар менен қамтып алыў 99,2 процентке жеткерилген. 2025-жыл даўамында 13 автобус ҳәм 16 микроавтобус сатып алынған.
Брутто шәртнамасы – яғный «басып өтилген жол» ҳәм «сапа» критериялары тийкарында жолаўшы тасыў хызметин шөлкемлестириў мақсетинде Нөкис қаласында 15 автобус жөнелислери шөлкемлестирилип, бул жөнелислерге жыл жуўмағына шекем 160 автобус алып келиў режелестирилген. «Баз Нукус Комплекс» кәрханасына автобусларды сатып алыў ушын 10 миллиард сум кредит қаржылары ажыратылған. Жақында «Сапсан транс Нөкис» ЖШЖ тәрепинен дерлик 11 миллиард сумлық қаржы есабынан лизинг тийкарында 13 дана заманагөй автобус Қытай мәмлекетинен алып келинип, 7-А санлы «Нөкис саўда комплекси – Нөкис арқа-батыс автовокзалы» жөнелисине қойылды.
Быйылғы жылы 12 жөнелис шөлкемлестирилиўи режелестирилген болып, бар жөнелислерди оптимизациялаў арқалы транспорт жетип бармаған 3 елатлы пункт қамтып алынады. Бүгинги күнде жаңадан 5 жөнелис шөлкемлестирилип, электрон тендер таңлаўлары арқалы тасыўшыларға бириктирилди.
Қарақалпақстан Республикасында 23 автовокзал, автостанция ҳәм 908 автобус тоқтаў бәндиргиси бар. Соннан жыл даўамында Төрткүл районы автостанциясын ҳәм Нөкис автовокзалы имаратын реконструкциялаў, автобуслар аралық 65 бәндиргини оңлаў жумыслары ислениўи режелестирилген. Нөкис автовокзалы имаратын реконструкциялаў жумыслары даўам еттирилмекте. Республика аймағында 11 автобус бәндиргиси жаңадан қурылды.
Жыл даўамында Автомобиль ҳәм суў транспортында қадағалаў аймақлық бөлими тәрепинен 500 ден аслам рейд илажлары өткерилип, 3 мың 588 ҳуқықбузарлық анықланған ҳәм 2 мың 400 ге шамалас жағдайлар бойынша автотранспорт басқарыўшыларына илаж көрилген.
Министрлик тәрепинен автобусларға шығынды фильтрлерин орнатыў ушын 10 мың доллар муғдарындағы халықаралық грантқа қатнасыў ушын ҳүжжетлер тапсырылды. 7 мектепке ҳәм майыплығы болған балаларға грант есабынан автобус ажыратыў, сондай-ақ, Әмиўдәрья районы «Бостан» АПЖ ға грант есабынан ишимлик суўын алып барыў бойынша концепциялар ислеп шығылып, «Жәҳән банки», «Азия раўажланыў банки», «Ислам раўажланыў банки»не усынылды.
Ҳәзирги ўақытта республикада 2 мың 790 жәмийетлик транспорт қуралларынан 1 мың 200ине GPS қурылмалары орнатылған. 91 жөнелис бойынша ҳәрекетленетуғын автотранспорт қураллары Қарақалпақстан Республикасы «Жолаўшы тасыўды мониторинг етиў ҳәм қадағалаў» мәмлекетлик шөлкеминиң автоматластырылған диспетчерлик бөлимине интеграцияланған. Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы 480 автобус тоқтаў орынлары менен бәндиргилер мәмлекетлик шөлкемниң IVMS платформасына киргизилди.



Пресс-конференцияда ҒХҚ ўәкиллери тәрепинен жәмийетлик транспортлардың бүгинги күндеги жағдайы, жөнелислерде ҳәрекетленип атырған транспорт қуралларының жолаўшы тасыўдағы тәртипсиз ҳәрекети, автостоянкалардағы жағдайлар, жол баҳаларының белгилениўи, жөнелислер қамтып алынбаған аймақларда халық ушын жаратылыўы режелестирилген илажлар ҳаққында берилген сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги