«Aral Vet Mission” Нөкисте заманагөй ветеринарияны жаңа басқышқа көтермекте

Нөкисте “Aral Vet Mission” басламасы шеңберинде басланған әмелий бирге ислесиў ветеринария тараўында заманагөй билим, халықаралық тәжирийбе ҳәм илимий жантасыўларды беккемлеўге хызмет етпекте. Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында бағдарлама шеңберинде әмелий шынығыўлар ҳәм илимий семинар өткерилди.
“Ҳаёт” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, “Мушуккент” жойбары, сондай-ақ, “Vitteria” ҳәм “Appicena” компаниялары қәнигелериниң филиал директоры А.Есимбетов пенен ушырасыўы өткерилди. Сәўбетлесиў даўамында алдағы семинарлар, стерилизация бойынша хирургиялық әмелиятлар, илимий баянатлар ҳәм оқыў-методикалық алмасыў мәселелери додаланды. Атап өтилиўинше, бул бирге ислесиў жергиликли жас қәнигелер ушын әҳмийетли әмелий мектеп болып, тараўда жаңа илимий қатнасларды қәлиплестириўге тийкар жаратады. Ушырасыўдан соң мийманлар филиалдың заманагөй лабораториясы менен танысып, усы жердиң өзинде дәслепки әмелий сабақларды баслады. Сабақ даўамында пышықлар менен ийтлерди стерилизациялаў процесиниң тийкарғы басқышлары – әмелият бөлмесин таярлаў, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў, хирургиялық материалларды баҳалаў ҳәм заманагөй технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелий көрсетпелер берилди.
Семинарға филиал профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм әмелиятшы ветеринар қәнигелер қатнасып, заманагөй хирургиялық усыллар бойынша теориялық ҳәм әмелий көнликпелерин беккемледи. Әмелиятлар филиалдың лаборатория бөлиминде әмелге асырылды. Тәжирийбели ветеринар хирурглар – М.Бадалов, Н.Рахимуллина ҳәм А.Гладишевалар тәрепинен өткерилген әмелиятлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Олар ҳәр бир хирургиялық басқыштың илимий тийкарлары ҳәм әмелий әҳмийетин избе-из түсиндирип барды.
– Бул жерде студентлердиң кәсиплик билимге болған қызығыўшылығы жүдә жоқары. Биз көрсетип атырған усыллар хирургиялық мәдениятты арттырып, пүткил аймақтың ветеринария системасының заман талапларына сай раўажланыўына хызмет етеди, – дейди Россиялы ветеринар қәниге Алена Петроченко.
Өткерилген семинар Қарақалпақстан ветеринария системасы ушын әҳмийетли әмелий майдан болып, жас қәнигелердиң маманлығын арттырыў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм тараўда илимий қатнасты күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Қәнигелердиң пикиринше, бул баслама ҳайўанлардың саламатлығын қорғаў ҳәм ветеринария хызметлериниң сапасын арттырыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады. «Aral Vet Mission” бағдарламасы 21-ноябрьге шекем даўам етеди. Оның шеңберинде илимий-техникалық баянатлар, хирургиялық әмелиятлар, жаңа усыллар бойынша тренинглер ҳәм маманлық арттырыўға қаратылған бир қатар илажлар өткериледи.

Нөкисте әмелге асырылып атырған бул бирге ислесиў жойбары ветеринария тараўында профессионал билим ҳәм халықаралық тәжирийбе алмасыўды кеңейтиўге хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги