Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық процеси көзден өткерилди

64

Алдын хабар берилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы халықтың турмысын үйрениў, халық ушын ең әҳмийетли мәселе – гүзги-қысқы мәўсимге таярлық процесин көзден өткериў мақсетинде аймақларда болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов Қараөзек районында болып, гүзги-қысқы мәўсимди қәўипсиз өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Дәслеп, район прокуратурасында жуўапкерлердиң қатнасыўында мәўсимге таярлық, азық-аўқат резервлерин сапалы жаратыў, гүзги агротехникалық илажлардың орынланыўы бойынша исленген жумыслар сын көзқарастан додаланды. Мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимде барлық коммуналлық хызмет көрсетиў тармақларының турақлы ислеўин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў, халықтың турақ жайлары ҳәм социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў, халық, социаллық ҳәм хызмет көрсетиў объектлеринде электр тәмийнаты, соның ишинде, авариялық жағдайларда көрилип атырған илажлар бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

Буннан соң, “С.Камалов” АПЖ аймағындағы мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў объектлериниң мәўсимге таярлығы, ысытыў системаларының жағдайы, ысытыў қазанларының орнатылыўы, энергия үнемлеўши үскенелер ҳәм олардың ислеў нәтийжелилиги, көмирге мөлшерленген ысытыў системасындағы объектлерге көмир өнимлериниң толық жеткерип берилгенлиги ҳәм сақланыў жағдайы менен танысты.

Сондай-ақ, “Есимөзек” АПЖдағы 30-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қосымша имаратындағы қурылыс жумыслары менен танысып, объектти өз ўақтында пайдаланыўға тапсырыў ҳәм жумысларды сапалы жуўмақлаў, ысытыў, электр тәмийнаты системаларында энергия үнемлеўши үскенелерден нәтийжели пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги