Тәбият – жаслар нәзеринде

60

Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен “Бәркамал әўлад” республикалық балалар мектебинде “Жаслар ҳәм тәбият: гүзги мәўсимдеги муҳаббат” атамасындағы видеороликлер таңлаўының жуўмағына бағышланған байрам илажы өткерилди. Оған партия белсендилери, депутатлар, “Бәркамал әўлад” республикалық балалар мектебиниң жәмәәти, жаслар қатнасты.

Бул таңлаў “Ойла, сүўретке, видеоға ал, тәсир ет!” сүрени астында шөлкемлестирилип, жаслардың экологиялық мәдениятын раўажландырыў, тәбиятқа болған меҳирин ҳәм жуўапкершилигин арттырыўды мақсет еткен. Сондай-ақ, гүзги мәўсимде қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы дөретиўшилик көзқарасларды хошаметлеў ҳәм жаслардың видеография арқалы жәмийетке тәсир көрсетиў көнликпелерин арттырыў таңлаўдың тийкарғы ўазыйпаларының бири болды.

Таңлаўға 27-31-октябрь күнлери старт берилип, қатнасыўшылардан видеороликлер қабыл етилди, 5-10-ноябрь күнлери аралығында жумысшы топар тәрепинен сайлап алынған ең жақсы видеороликлер социаллық тармақларға қойылып, олар бойынша “лайк” ҳәм “көриўлер”ди жыйнаў процеси шөлкемлестирилди.

Сыйлықлаў процесинде ең жақсы дөретиўшилик жумысларға дипломлар, естелик саўғалары ҳәм миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Илаж қатнасыўшыларының атап өтиўинше, бундай басламалар жаслар арасында экологиялық мәдениятты күшейтиўге, тәбиятқа итибарды арттырыўға ҳәм қоршаған орталықты қорғаўда белсендиликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Илаж соңында жаслар, устазлар ҳәм мийманлар тәрепинен гүз мәўсиминиң рәңбәрең тәбият көринислери, экологиялық машқалаларға итибар ҳәм тәбиятқа меҳир ҳаққында пикирлер билдирилди.

Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси “Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар” клубы тәрепинен шөлкемлестирилген “Тәбиятты мен қалай көремен” фототаңлаўы табыслы жуўмақланды.

Илажда партия белсендилери, депутатлар, “Бәркамал әўлад” республикалық балалар мектеби жәмәәти, “Жас экологлар”, таңлаў қатнасыўшылары қатнасты.

Таңлаў жаслардың қоршаған орталыққа байланыслы дөретиўшилик ҳәм жеке көзқарасларын көрсетиўге, сондай-ақ, социаллық тармақлар арқалы экологиялық идеяларды кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған. Таңлаўға тәбият, таза орталық, жанзатлар, патасланыў машқаласы ямаса эко-турмыс тәризин сәўлелендирген фотолар қабыл етилди. Олар партияның телеграмм арқалы кеңнен сәўлелендирилип, қатнасыўшылардың “лайк”лар арқалы қоллап-қуўатланыўы нәзерде тутылған.

Таңлаў жуўмағында ең жақсы фотосүўретлер, жеңимпазлар анықланып, қатнасыўшыларға естелик саўғалары, дипломлар ҳәм миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Илаж “Бәркамал әўлад” республикалық балалар мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги