4 каналда реконструкциялаў жумыслары басланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 21-октябрьдеги «Суў ресурслары шығынларының алдын алыў ҳәм ирригация тармақларын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында суў хожалығы объектлерин модернизациялаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Қарар тийкарында 2025-2026-жылларда улыўма узынлығы 44,0 километр болған 4 каналды бетонлаў ҳәм реконструкциялаў жумысларын орынлаў ушын 81 млрд. сум, соның ишинде, усы жылға 13 млрд. 885 млн. сум лимит қаржысы ажыратылыўы белгиленген.
Атап айтқанда, Шымбай районындағы «Тағжап» каналы (13,3 км), Шоманай районындағы «Ақжап» хожалықлар аралық каналы (8,0 км), Нөкис районындағы «Соралы» каналы (7,0 км) реконструкцияланады, ал Тақыятас районындағы «Ески кенегес» каналында (15,7 км) 2-басқыш реконструкциялаў жумыслары алып барылады.
Жойбарлаўшы шөлкем «UzGIP» ЖШЖ Қарақалпақстан филиалы тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, экспертиза орайларына тапсырылған.
Бүгинги күнде объектлерде техникалар ҳәм қурылыс материаллары жыйналып, каналларды бетонлаў жумыслары ушын топырақ қазыў жумыслары әмелге асырылмақта.



Каналларда реконструкциялаў жумысларының әмелге асырылыўы нәтийжесинде олардың пайдалы жумыс коэффициентлери жақсыланады, фермер хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлериниң, егислик майданлардың суў тәмийнатын жақсылайды. Каналларды бетонлаў нәтийжесинде суўдың фильтрациясы есабынан шығынлар азаяды ҳәм бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға тийкар жаратылады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги