Мәмлекетлик тилди раўажландырыў: Әмелий қәдемлер ҳәм машқалалар

Бүгинги күни елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында мәмлекетлик тилдиң абырайын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатанды сүйиўшилик, миллий үрп-ǝдет, дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў бойынша кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетлик тилди раўажландырыў ҳәм оның халықаралық көлемдеги абырайын және де арттырыў бойынша қабыл етилген Ҳүрметли Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарлары бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мǝмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти тǝрепинен “Мǝмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы, Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген пǝрман ҳǝм қарарлар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының мǝмлекетлик тилди жǝне де раўажландырыў бойынша қарарлары ҳǝм көрсетпелерин орынлаў бағдарында бир қатар жумыслар ǝмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, ис жүргизиў системасын толық мәмлекетлик тилге өткериў бойынша түрли тараў хызметкерлериниң ис жүргизиў бойынша билим ҳәм қәнигелигин турақлы арттырып барыў жолға қойылған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 3-марттағы 117-санлы қарарына муўапық, Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанында шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминде ҳәр айда тийисли тараў қәнигелери оқытылмақта. Орайда усы күнге шекем 4000 нан аслам тыңлаўшы өз билимлерин жетилистирди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 28-октябрьдеги «Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын лингвистикалық экспертизадан өткериў тǝртиби ҳаққындағы нызамын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 662-санлы қарары орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мǝслǝҳǝтшиси тǝрепинен 22 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер лингвистикалық экспертизадан өткерилди.
«Мǝмлекетлик тил ҳаққында»ғы ҳǝм Өзбекстан Республикасының «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Нызам талаплары тийкарында аймақтағы географиялық объект атамаларын тǝртипке салыў бағдарында да бир қатар унамлы ислер орынланбақта. Атап айтатуғын болсақ, 16 197 көше атамалары толық хатлаўдан өткерилди. Соннан, Әмиўдәрья, Беруний, Бозатаў, Қанлыкөл, Мойнақ, Тақыятас, Тахтакөпир ҳәмде Шоманай районларына тийисли 5910 көше атлары экспертиза жуўмақлары бойынша нызамға муўапық деп табылды ҳәм сессия қарарлары менен тастыйықланып, мәмлекетлик реестр базасына киргизилди. Ал, Қараөзек районының 787, Нөкис районының 942, Хожели районының 1163, Шымбай районының 997, жәми 3889 көше атамалары экспертизаға жиберилген болса, Нөкис қаласының 1614, Кегейли районының 1150, Қоңырат районының 1445, Төрткүл районының 847 ҳәм Елликқала районының 1320, жәми 6376 көше атамалары Кадастр агентлиги тәрепинен көрип шығылмақта.
Өткен жылы автомобиль жолларында ҳǝм халық жасайтуғын елатлы пунктлерде мǝмлекетлик тилде, латын жазыўына тийкарланған өзбек ҳǝм қарақалпақ ǝлипбесинде 111 дана, жол ҳǝрекети қǝўипсизлиги басқармасы тǝрепинен 43 дана, жǝми 154 дана жол белгилери ҳǝм хабарландырыў көрсеткишлери орнатылды.
Қарақалпақ тилин буннан былай да раўажландырыў бағдарында сөзликлер, қолланбалар, монографиялар таярлаў ҳәм көп нусқаларда баспадан шығарыў жумысларына да айрықша дыққат аўдарылмақта. Өткен жыллар даўамында латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ тилинде «Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў» әмелий қолланбасы 2000 нусқада баспадан шығарылды. Сондай-ақ, «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» китабының 7 томлығы кирилл ǝлипбесинде 7000 нусқада басып шығарылған болса, усы көп томлықтың латын ǝлипбесиндеги 1-2-томлары баспадан шығарылды. Соның менен бирге, “Психологиялық терминлердиң түсиндирме сөзлиги”, “Қарақалпақша-өзбекше-қазақша-түркменше-русша лингвисикалық терминлер сөзлиги”, “Давлат тилида иш юритиш асослари”, “Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарлары”, “Қорақалпоғистондаги ўзбек шевалари этнографизмлари”, “Қарақалпақстан Республикасы географиялық атамаларының түсиндирме сөзлиги” китаплары басып шығарылды.
Буннан басқа, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте “Алишер Навоий ғаззаллари”, «Бобурнома», «Ҳозирги замон ўзбек шеърияти», сондай-ақ, Абдулла Қадирийдиң «Ўткан кунлар», Эркин Воҳидовтың «Дунёнинг иши», қырғыз халқының «Манас», Ш.Айтматовтың «Плаха» шығармалары қарақалпақ тилине аўдарылды. Сондай-ақ, “Plato” ҳǝм “Booky” ЖШЖ тǝрепинен “Кишкене шаҳзада”, К.Султановтың “Əжинияз”, Ш.Айтматовтың “Балалығым”, “Əжел дастығы” шығармалары көп нусқада китап етип басып шығарылды.
Қарақалпақ тилин санластырыў, медиа өнимлерди, компьютер, мобиль программаларды ҳǝм басқа да электрон материалларды таярлаў бойынша да бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, “Booky” ЖШЖ менен биргеликте қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳǝм мобиль қосымшасы жаратылды. “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” көп томлығының веб-сайты ҳǝм мобиль қосымшасы таярланды. Өткен қысқа ўақыт ишинде 100 ге жақын жǝҳǝн, өзбек ҳǝм қарақалпақ ǝдебиятының ең сайланды шығармаларының аудио вариантлары таярланды. Сондай-ақ, қарақалпақ дǝстанлары ҳǝм ертеклериниң аудиолары да таярланбақта. “Мутолаа” ЖШЖ менен биргеликте 20 ға шамалас ǝдебий китаплар аудиоластырылды ҳǝм мобиль қосымшаға жүклетилди. Ҳǝзирги ўақытта 100 мыңға жақын жаслар усы платформадан пайдаланбақта. “Booky” қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳǝм “Мутолаа” ЖШЖ менен биргеликте “Кишкене шаҳзада” китабы тийкарында өзбек ҳǝм қарақалпақ тиллеринде арнаўлы фильм жаратылды.
Мәмлекетлик тилди раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған нәтийжели жумыслар менен бирге бир қатар машқалалар да ушыраспақта.
Атап айтқанда, республикамызда хызмет көрсетип атырған 907 исбилерменлик субъектлеринде алып барылған үйрениў жумыслары нәтийжесинде, 196 исбилерменлик субъектлери имаратларындағы маңлайша, реклама ҳəм басқада дағазалардың, хабарландырыў текстлериниң мəмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына жуўап бермейтуғынлығы, яғный, рус ҳәм инглис тиллеринде жазылған сөзлер орын алғанлығы белгили болды.
2024-жылда Министрлер Кеңеси тәрепинен 15 министрлик, 4 комитет, 18 басқарма ҳәм 12 жоқары оқыў орынларының ис жүргизиў ҳүжжетлери, дағазалар, хабарландырыў текстлериниң латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ ҳәм өзбек әлипбесинде қәтесиз жазылғанлығы бойынша 5 мәрте мақсетли үйрениў жумыслары алып барылып, нәтийжеде 295 қәте-кемшиликлер анықланды. Соннан 214 и сапластырылды.
Сондай-ақ, жақында министрликлер, басқармалар, мәкеме ҳәм шөлкемлерде “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызамының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ис жүргизиў ҳүжжетлери, сыртқы ҳәм ишки жазыўларының жағдайы жумысшы топар тәрепинен үйренилди.
Үйрениў нǝтийжелерине көре, айрым министрлик ҳǝм шөлкемлер тǝрепинен усы күнге шекем бир неше мәртебе ескертиўлерге қарамастан көрсетилген қәте-кемшиликлер сапластырылмай келмекте.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги үйренилгенде, министрликтиң кирер жериндеги атамасы, сыртқы ҳǝм ишки жазыўларында, соның менен бирге шығыс хатларында 28, Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы кирер жериндеги атамасы ҳәмде шығыс хатларында 23, Туризм басқармасының шығыс хатларында 15, Мәденият министрлигиниң шығыс хатларында 18, Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетиниң шығыс хатларында 23, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлигиниң есиклерине қыстырылған жазыўлар ҳәмде шығыс хатларында 32, Транспорт министрлигиниң шығыс хатларында 17, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң шығыс хатларында 21 қәте-кемшиликлердиң бар екенлиги анықланды.
Жоқарыда атлары көрсетилген министрликлер, мǝкеме ҳǝм шөлкем басшыларынан “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызам талапларын сөзсиз орынлаў, орын алған қǝте-кемшиликлерди тез арада сапластырыў ҳәмде бул бағдарда олардың жуўапкершилигин және де арттырыў талап етиледи.
Исбилерменлик субъектлери Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен мǝмлекетлик дизимнен өткериледи. Əдиллик министрлигиниң бизге берген мағлыўматында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 9-февральдағы 66-санлы қарары менен тастыйықланған “Исбилерменлик субъектлерин мǝмлекетлик дизимнен өткериў тǝртиби ҳаққында”ғы нызамға көре, фирма атамасын таңлаўда оның бир қыйлылығын тексериў электрон мǝлимлеме системасында автомат тǝризде ǝмелге асырылады. “Исбилерменлик хызмети еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамының 33-статьясына тийкарланып, юридикалық шахс болған исбилерменлик хызмети субъекти фирма атамасына болған ҳуқыққа ийе, бул атаманы оның өзи еркин түрде белгилейди ҳǝм өз ҳүжжетлеринде көрсетеди, – делинген. Демек, бул нызам ҳүжжетлери бойынша исбилерменлик субъектлери өз фирмасына атаманы таңлаў ҳǝм оны өзи еркин түрде белгилеў ҳуқықына ийе екенлиги, тек базадағы атамалар менен бирдей болып қалмаў шǝрти ғана қойылғанлығы айқынласады.
Мǝмлекетлик хызметлер орайлары тǝрепинен исбилерменлик субъектлерин мǝмлекетлик дизимнен өткериў барысында “Мǝмлекетлик тил ҳаққында”, “Фирма атамалары ҳаққында” ҳǝм “Товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери ҳǝм товар келип шыққан орын атамалары ҳаққында”ғы нызамлар талапларына ǝмел етиў ҳаққында түсиндириў жумыслары ҳǝм тийисли усыныслар берип барылады. Бирақ, соған қарамастан, көпшилик жағдайларда исбилерменлик субъектлери тǝрепинен фирмаға атама қойыўда “Мǝмлекетлик тил ҳаққында”ғы нызам талапларына ǝмел етилмеў жағдайлары, нǝтийжеде халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, фирма ҳǝм саўда шақапшаларына миллий қǝдириятларымызға туўры келмейтуғын басқа тилдеги атамалардың қойылыў ҳалатлары ушыраспақта.
Сонлықтан, исбилерменлик субъектлерин мǝмлекетлик дизимнен өткериў тǝртиби ҳаққындағы нызамларға мǝмлекетлик тил ҳаққындағы нызам талапларынан келип шығып, тийисли тǝртипте өзгерис ҳǝм қосымшалар киргизилиўи зǝрүр деп есаплаймыз. Өйткени, атамалардың мǝмлекетлик тилде болыўы, сондай-ақ, ис жүргизиў ҳүжжетлери, сыртқы ҳǝм ишки жазыўлар, реклама ҳǝм дағазалар, хабарландырыў текстлериниң мǝмлекетлик тилде қǝтесиз жазылыўы, рǝсмий ҳүжжетлердиң латын графикасына тийкарланған қарақалпақ ҳǝм өзбек ǝлипбесинде болыўын тǝмийинлеў – булар, бириншиден, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша қабыл етилген Ҳүрметли Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарлары, сондай-ақ, Ҳүкиметимиздиң бул бағдарда берилип атырған тапсырмаларын булжытпай орынлаў болса, екиншиден, бул ўазыйпалар бизиң ҳǝр биримиздиң ана тилимизге болған ҳүрметимиздиң баслы белгиси. Ал, тилге болған ҳүрмет-итибардың халқымызға, миллетимизге ҳǝм Ўатанымыздың келешегине болған дыққат-итибар екенлигин терең аңлаўымыз керек.
Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетлик тилди буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў, мәмлекетлик тилдиң ҳәрекет етиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў илажларын көриў Департаменттиң баслы ўазыйпаларынан болып қала береди.
Пердеғалий Дабылов,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мǝслǝҳǝтшиси-департамент баслығы, филология илимлериниң докторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги