Турақлы экология ҳәм глобаллық саламатлық: Қарақалпақстан медицина институты ҳәм Корея университети бирге ислесиўиниң жаңа басқышы

Қарақалпақстан медицина институтында «Турақлы экология ҳәм глобаллық саламатлық» темасына бағышланған халықаралық симпозиум өткерилди.
Бул әҳмийетли илимий әнжуман институт ҳәм Корея университети арасындағы илимий бирге ислесиў шеңберинде шөлкемлестирилди.
Симпозиумды Қарақалпақстан медицина институтының оқыў ислери бойынша проректоры Мурат Курбаназаров кирис сөз бенен ашты ҳәм соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасында дүзилген дипломотиялық келисимлер, олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында айтып берди.
Әнжуманда Корея университетиниң профессоры Жэвок Чой қатнасып, еки тәреплеме илимий байланыслардың бүгинги нәтийжелери ҳәм перспективалары ҳаққында мағлыўмат берди.
Симпозиумда республикамыз илимпазларынан тысқары, Корея университетиниң 20 ға шамалас жетекши профессор-оқытыўшылары, магистрантлар, докторантлар ҳәм студентлер қатнасты.
Өткерилген илаж даўамында экология ҳәм денсаўлықты сақлаўға байланыслы әҳмийетли темаларда баянатлар тыңланды.
Бул баянатларда ишимлик суўының сапасы ҳәм Аралбойы шаңының саламатлық ҳәм климатқа тәсири, Кореядағы радонларды азайтыў технологиялары, Арал теңизи орталығының қоңсылас регионларға тәсири, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфекцияларды қадағалаў системаларының салыстырмалы анализи илимий тийкарда сәўлелендирилди.
Сондай-ақ, симпозиум даўамында Өзбекстан ҳәм Корея илимпазлары климат өзгерислери, экологиялық машқалалар ҳәм олардың халық саламатлығына тәсири бойынша өз-ара пикир алысты.

Илаж еки мәмлекет илимпазларының турақлы экология бағдарында бирге ислесиўин еле де беккемлеўге хызмет етти.
Симпозим соңында институттың қәбилетли жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы