«Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ»: Мәмлекетлик байрақ күниниң жаслар тәрбиясындағы әҳмийети

18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрақ ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ” идеясы астында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажға университет профессор-оқытыўшылары, белсенди студент-жаслар қатнасты.
Ең дәслеп илаж Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Буннан соң, университет ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Алымжан Дүйсенбаев шығып сөйлеп, мәмлекетлик байрақтың елимиз турмысындағы тутқан орнына айрықша тоқтап өтти. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде байрақ – бул әпиўайы белги емес, ал халқымыздың тарийхый естелиги, бүгинги қүдирети ҳәм ертеңги күнине болған исениминиң айқын көриниси екенлигине тоқталды. Мәмлекетлик байрақ халықаралық майданда Өзбекстанның абырайын ҳәм мәплерин сәўлелендирип, ғәрезсиз ел сыпатында танылған елимиздиң тең ҳуқықлы мәмлекетлер қатарындағы орны менен абырайын көрсететуғынын атап өтти.
Сондай-ақ, ол студент-жасларды мәмлекетлик нышанларға ҳүрмет руўхында жасаўға, оның әҳмийетин терең аңлаўға, байрақ астында пидәкерлик пенен мийнет етиўге шақырып, өткерилип атырған бул байрам илажы мине усындай тәрбиялық мақсетлерге хызмет ететуғынын айтып өтти.





Илаж даўамында студент-жаслар тәрепинен ана-Ўатан, туўылған жерге сүйиспеншилик сезимлерин пайда етиўши қосықлар ҳәм сахналық көринислер қойып берилип, бул кешеге өзгеше заўық бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы