Мобиль байланыс хызметлери баҳасының артыўы бойынша Бәсеки комитети үйрениўди баслады

74

Соңғы ўақытлары мәмлекетимизде мобиль байланыс операторлары тәрепинен тариф ҳәм хызмет көрсетиў баҳаларының арттырылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар кең жәмийетшилик, әсиресе, санлы хызметлерден белсенди пайдаланыўшы халық қатламы арасында айрықша додалаўларға себеп болмақта. Бүгинги күнде мобиль интернет ҳәм байланыс хызметлери тек ғана жеке сөйлесиў емес, ал билимлендириў, бизнес, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў, онлайн коммерция, аралықтан ислесиў ҳәм социаллық белсендиликтиң ажыралмас бөлегине айланды.

Усы мүнәсибет пенен мобиль байланыс операторлары тәрепинен тарифлерди арттырыў бойынша Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен үйрениў жумыслары басланғаны мәлим етилди.

Комитет мобиль байланыс операторлары тәрепинен тарифлерди арттырыў жағдайының экономикалық ҳәм ҳуқықый тийкарларын үйрениў мақсетинде усы жылдың ноябрь айының басларында операторларға тийисли тәртипте сораўлар жиберген.

Ҳәзирги ўақытта мобиль байланыс операторлары тәрепинен хызметлер қамтып алыўын кеңейтиў, инфраструктураны жақсылаў, көрсетилген инвестиция қәрежетлери ҳаққында усынылған мағлыўматлар Комитет тәрепинен талланбақта.

Үйрениў нәтийжесинде егер мобиль байланыс операторлары тәрепинен бәсекиге қарсы ҳәрекетлер, атап айтқанда, муўапықластырылған процесслер ямаса жасалма баҳа арттырыў жағдайлары анықланған жағдайда белгиленген тәртипте тексериў жумыслары өткериледи ҳәм нызамшылыққа муўапық қатаң илажлар көриледи.

Нигора Раҳмонова, ӨзА