Өзбекстан – Аўғанстан: 2026-жылы электр энергиясын жеткерип бериў бойынша шәртнамаға қол қойылды

60

Өзбекстанда энергетика тараўы экономикалық турақлылық ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында раўажланып бармақта.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеўге қаратылған илажлар регионаллық энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет етпекте. Аўғанстан менен бирге ислесиў бул процессте айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе болып, еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланыслылықты және де күшейтпекте.

Усы жумыслардың көлемин кеңейтиў мақсетинде Ташкентте Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов ҳәм Аўғанстанның “DABS” компаниясының бас директоры Абдул Бори Умар басшылығындағы делегация арасында ушырасыў болып өтти. Онда Өзбекстан энергетика компанияларының басшылары ҳәм жуўапкерлери қатнасты.

Ушырасыўда усы жылдың сентябрь айында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясындағы ҳәм Ташкентте болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўындағы шығып сөйлеген сөзлеринде алға қойылған басламалар додаланды. Атап айтқанда, Аўғанстан халқының абаданлығын ҳәм экономикасын қоллап-қуўатлаўға қаратылған идеялар еки мәмлекет бирге ислесиўин және де беккемлеп атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиўде Аўғанстан аймағында әмелге асырылып атырған жоқары күшлениўли электр узатыў тармақлары ҳәм подстанциялар қурылысы бойынша жумыслар көрип шығылды. Жойбарлардың ҳәзирги жағдайы, техникалық шешимлери, әмелге асырыў мүддетлери ҳәм жумысларды жеделлестириў бойынша усыныслар үйренилди. Бул бағдардағы әмелий қәдемлер еки мәмлекет ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында 2026-жылы электр энергиясын жеткерип бериў бойынша тийисли шәртнамаға қол қойылды. Бул ҳүжжет энергетика тараўындағы өз-ара шерикликти және де беккемлеп, еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң әмелий басқышқа өткенин аңлатады. Соның менен бирге, жойбарлардың турақлы раўажланыўы ҳәм келеси жылларда энергетикалық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратылады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА