Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 34 жыллығына бағышланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 18-ноябрь – «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилген күни ҳәм бул сәнеге 34 жыл толыўы мүнәсибети менен «Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ!» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.
Салтанатлы илаж мәмлекетлик гимнлер менен басланды.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының аға прокуроры Р.Жалғасбаев, Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый мәлимлеме секторы бас мәсләҳәтшиси М.Хожахметова, институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы Е.Тилеўов, сондай-ақ, факультетлер деканатының ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, тюторлар ҳәм студентлер қатнасты.
Ушырасыўды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Илажда шығып сөйлегенлер тәрепинен атап өтилгениндей, быйыл мәмлекетлик суверенитеттиң белгилеринен бири болған бийғәрез Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенине 34 жыл толмақта. Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жыл 18-ноябрьдеги гезектен тыс VII сессиясында тастыйықланған мәмлекетлик байрағы жер жүзинде бийғәрез Өзбекстан деген мәмлекеттиң бар екенлигин аңлатады ҳәм өзинде миллий-мәдений дәстүрлерди жәмлейди.
Мәмлекетлик белгилер бәрқулла муқаддес ҳәм уллы болып табылады. Өйткени, ол халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде жәмлеген ўатанның символы есапланады.
Ушырасыў кешесинде жасларымыз арасында мәмлекетлик байрағымызға болған ҳүрметти буннан былай да арттырыўдың әҳмийети, мәмлекетлик белгилерден нызамлы түрде пайдаланыў қағыйдалары туўралы мағлыўматлар берилди.

Илаж қатнасыўшылар менен пикир-алмасыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги