Өзбекстан “Орайлық Азия ҳәм Қытай” форматы секретариаты ҳаққындағы режени ратификация етпекте

Төменги палатаның мәжилисинде “Орайлық Азия ҳәм Қытай” форматы секретариаты ҳаққындағы режени ратификациялаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбары көрип шығылды.
“Орайлық Азия ҳәм Қытай” форматы платформа түриндеги мәмлекетлераралық структура болып есапланып, оның секретариатына Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан тәрепинен тийисли шөлкемлестириў ҳүжжетлерине қол қойыў арқалы тийкар салынбақта.
Атап өтилгениндей, бул дипломатиялық сөйлесиў түри мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў, өз-ара ҳүрмет, исенимге тийкарланған көп әсирлик дослық ҳәм шериклик байланыслары және тығыз байланысларды орнатыў, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

“Орайлық Азия ҳәм Қытай” форматы секретариаты 2023-жыл 19-майдағы усы форматқа ағза мәмлекетлер қабыл еткен Сиань декларациясына муўапық шөлкемлестирилмекте. Секретариат Форматтыӊ атқарыўшы уйымы болып есапланады. Секретариат Формат қатнасыўшы мәмлекетлериниң саммитлери ҳәм сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўларын шөлкемлестириў, техникалық ҳәм мәлимлеме тәрепинен тәмийинлеўди әмелге асырады.
Бул нызам жойбары менен “Орайлық Азия ҳәм Қытай” форматы секретариаты ҳаққындағы режени ратификациялаў нәзерде тутылмақта. Бул Реже кирис сөз ҳәм 4 бөлимнен ибарат. Ҳүжжет пенен Секретариаттың ўазыйпалары, ўәкилликлери, структурасы ҳәм қурамы, ҳуқықы, миннетлемелери және статусы ҳуқықый беккемленген.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи “Орайлық Азия ҳәм Қытай” форматы секретариатында Өзбекстанның қатнасыўын тәмийинлеў, бул платформада регионаллық басламаларды мүнәсип алға қойыў, миллий мәплерди мүнәсип қорғаў имканиятын береди.
Мәжилисте нызам жойбары қабыл етилип, Сенатқа жиберилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА