Кеңпейиллик – тынышлық, раўажланыў, абаданлық тийкары

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтип атырған усы күнлерде Ўатанымыз тынышлық, раўажланыў, аўызбиршилик әзелден беккем орнаған теберик дияр екени және бир мәрте көрсетилмекте. Бул тәреплер пайтахтымызда шөлкемлестирилген “Өзбекстан – кеңпейил дияр” темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияда да айрықша атап өтилди.
Елимизде өткерилип атырған “Кеңпейиллик ҳәптелиги” шеңберинде шөлкемлестирилген бул конференция жумысында түрли диний конфессиялар, миллий мәдений орайлар, дипломатиялық корпуслар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпазлар, изертлеўшилер, студент-жаслар қатнасты.
Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқ Тошбоев, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы Шайх Нуриддин Холиқназар, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары, Өзбекстан Халықаралық исламтаныў академиясының ректоры Музаффар Комилов ҳәм басқалар Өзбекстанда миллетлераралық ҳәм диний конфессиялараралық татыўлық, аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша үлгили тәжирийбе топланғанын атап өтти.

– Бүгин Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа басқышына шықты, – деди Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқ Тошбоев. – Бул жедел раўажланыў абаданлық, миллетлер ҳәм диний конфессиялар арасындағы татыўлық ҳәм аўызбиршилик, дослық сыяқлы принциплерге сүйенеди. Бул бағдарда Өзбекстан топлаған унамлы тәжирийбени халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыў күтилген унамлы нәтийжени беретуғыны анық.
– Халықаралық кеңпейиллик күни буннан отыз жыл бурын шөлкемлестирилген, – деди Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайының директоры, академик Акмал Саидов. – Кеңпейиллик халқымыздың тарийхый, руўхый, диний қәдириятларын өзинде жәмлейди. Себеби бул үлкеде басқа миллет ҳәм дин ўәкиллерине бәрқулла кеңпейиллик пенен мүнәсибетте болып келинген. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде болып атырған жедел жаңаланыў процесслеринде кеңпейилликтиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў ҳәм жетилистириў бағдарында үлкен қәдемлер тасланды. Өзбекстанда кеңпейилликтиң ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Кеңпейилликке байланыслы белгили бир система, билимлендириў системасы жаратылды. Және бир әҳмийетли тәрепи, Өзбекстанның кеңпейиллик бағдарында топлаған унамлы тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў әҳмийетли.

– Ҳақыйқатында да, бул ҳәптелик арқалы Өзбекстанның түрли миллет ҳәм диний конфессия ўәкиллери ушын жаратылған имканиятлары және бир мәрте көзге тасланбақта, – деди Өзбекстандағы Рим-католик орайының басшысы Ежи Мацулевич. – Ҳәр қыйлы дин ўәкиллерин бирден-бир ағартыўшылық майданға жәмлеген бул конференция кеңпейиллик тараўындағы Өзбекстан тәжирийбесин толық талқылап атырғаны дыққатқа ылайық.
Әнжуман кеңпейиллик, татыўлық ҳәм аўызбиршилик бағдарындағы жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны менен әҳмийетли болды. Сондай-ақ, әнжуман даўамында перспективадағы ўазыйпалар талланды, тараў қәнигелери, халықаралық ҳәм жергиликли экспертлердиң пикир-усыныслары тыңланды. Бул бағдардағы жумыстың нәтийжелилиги ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў жоллары додаланды.
Конференция өз жумысын бир неше секцияларда даўам еттирди. Ҳәр бир секторда диний кеңпейиллик, социаллық турақлылық, билимлендириў ҳәм руўхый-ағартыўшылық процесслерге байланыслы әҳмийетли темалар ҳәр тәреплеме додаланды.

“Динлер аралық қарым-қатнас ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеўде Жаңа Өзбекстан ҳәм дүнья тәжирийбеси” секторында қәнигелер Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған диний-ағартыўшылық тараўындағы реформалар ҳәм олардың халықаралық майдандағы әҳмийети бойынша пикир алысты.
“Конфессиялар ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты беккемлеўдеги бирге ислесиў” бөлиминде тийкарынан диний конфессиялар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимди беккемлеўдиң нәтийжели механизмлери, миллий мәдений орайлардың татыўлық ҳәм турақлылықты беккемлеўдеги роли, мәдениятлараралық қарым-қатнастың цивилизациялар арасындағы жақынласыўда тутқан орны, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери көрип шығылды.
“Билимлендириў ҳәм ағартыўшылық – динлераралық татыўлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң тийкары” бөлиминде жаслардың санасында идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўдиң билимлендириў тийкарлары, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы гүресиўде ағартыўшылықтың орны, жоқары ҳәм орта билимлендириў мәкемелери арасындағы илимий-ағартыўшылық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Қәнигелер билимлендириўдиң турақлы раўажланыў ҳәм жәмийетте татыўлықты беккемлеўдеги шешиўши орны ҳаққында пикир жүргизди.
Ҳақыйқатында да, бүгинги қыйын глобаллық жағдайда кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў тек ғана миллий емес, ал халықаралық көлемде де әҳмийетли ўазыйпа.
Конференцияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Руслан Давлетов шығып сөйледи.
Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы