Ўатан байрағы – мақтаныш, үмит ҳәм исеним тымсалы

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Бозатаў районы қәнигелестирилген мектебинде “Бир Ўатан, бир ел, бир байрақ” сүрени астында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Илажға район прокуроры Н.Сапаров, район ҳәкиминиң орынбасары У.Сапаров, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы тутқан орнын ҳәм әҳмийетин кең түрде атап өтти. Атап айтқанда, байрағымызда сәўлеленген белгилер жақсылық, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў тымсалы екенлигине, елимиз байрағын көзқарашығындай қәстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў – ҳәр биримиз ушын ана Ўатан алдындағы парызымыз екенлигине тоқталды.
Илаж жуўмағында районлық Мәденият бөлими ҳәм қәнигелестирилген мектеп жәмәәти тәрепинен байрамға арнап таярланған концерт бағдарламасы қатнасыўшылар нәзерине усынылып, бул кешеге өзгеше көтериңки заўық бағышлады.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы