Жас өспиримлер чемпионлық ушын беллести

59

Нөкис қаласында спорттың Регби – 7 түринен 13 жастағы балалар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларына командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, балалар арасында биринши орынды Республикалық спорттың жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби оқыўшылары жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Беруний ҳәм Шоманай районларынан келген жас өспиримлерге несип етти.

Ал, қызлар арасында өткерилген ойынлардың финалында Әмиўдәрья районынан келген оқыўшылар Нөкис қаласы 2-санлы спорт мектеби тәрбияланыўшылары менен ушырасып, онда әмиўдәрьялы спортшылар жеңиске еристи ҳәм чемпионат жеңимпазына айланды.

Чемпионаттың қола медалын болса, Нөкис районы командасы жеңип алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы