“INFOLIB OʻZBEKISTON-2025″ XIV Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги жуўмақланды

63

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында “INFOLIB OʻZBEKISTON-2025″ XIV Миллий мәлимлеме-китапхана ҳәптелиги өз жуўмағына жетти.

Быйылғы ҳәптелик бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Миллий китапханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәлимлеме-китапхана орайларында шөлкемлестирилип, тараўда жумыс ислеп атырған қәнигелер ушын тәжирийбе алмасыў, жаңа билимлер алыў ҳәм кәсиплик тәжирийбелерин арттырыў майданына айланды.

Ҳәптелик Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясында белгиленген 72-мақсет шеңберинде шөлкемлестирилген болып, халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиў тараўын раўажландырыў, китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў ҳәм «Китапсүйер миллет» идеясын әмелиятта турмысқа енгизиўге хызмет етти.

– Ҳәптелик шеңберинде «Бетгерханлық – 2025» илимий конференциясы, “Edo.ijro.uz системасы ҳаққында тийкарғы түсиниклер ҳәм оннан қалай пайдаланыў усыллары”, “Жасалма интеллект арқалы жоқары шеклерге қарай” темасында семинар-тренинглер, “Китап – ой-пикир гәўҳары, китапхана – ой-пикир ғәзийнеси” атамасында дөгерек сәўбети, “Китапхана маркетингинде визуал коммуникация ҳәм дизайнның орны”, “IFLA Грантлары: жас китапханашылар ушын халықаралық тәжирийбе алмасыў имканияты” сыяқлы сабақлар өткерилди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы баслығының орынбасары Зибагүл Сапарова. – Сондай-ақ, жазыўшы, илимпаз, журналист Алланазар Абдиевтиң “Әййемги қарақалпақлар” атамасындағы китап презентациясы, әдебий кешелер, «Заковат» интеллектуал ойынлары, китапханаларға саяхатлар китапқумар жасларда үлкен тәсир қалдырды. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында 2025-жыл 10-14-ноябрь күнлери аралығында өткерилген ҳәптелик шеңберинде 19 илаж шөлкемлестирилип, илажда 1260 тан аслам китапқумарлар қатнасты.

Ҳәптелик даўамында китапхана тараўына байланыслы илимий-дөретиўшилик ушырасыўлар, шеберлик сабақлары, дөгерек сәўбетлери ҳәм китап көргизбелери де өткерилди.

Илажлар китапханашылардың билимин байытыў, олардың дөретиўшилик идеяларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жас әўладта китап оқыўға қызығыўшылықты және де күшейтиўге қаратылған. Ҳәптелик жуўмағында тараўдың раўажланыўына үлес қосқан дөретиўшилер, қәнигелер ҳәм шөлкемлер Әлийшер  Наўайы атындағы Миллий китапхана тәрепинен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги